Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:23:31, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘҲӘЛЛЕ БАСЛЫҚЛАРЫ УШЫН

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен Кегейли районында «Үлгили мәҳәлле» жойбары шеңберинде мәҳәлле баслықлары ушын тәжирийбе алмасыў бойынша көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда райондағы 16 пуқаралар жыйынының баслықлары «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныс­ты.

Мүрәжатлар менен ислесиў, ҳәким жәрдемшиси тәрепинен пуқаралардың бәнтлигин тәми­йинлеў, жаслар жетекшисиниң аймақта жаслар балансын қәлиплестириў, ҳаял-қызлар белсендисиниң ҳаял-қызлардың машқалаларына унамлы шешим табыў бағдарындағы жумыслары көргизбели қураллар арқалы көрсетилди.

Өткерилген семинар мәҳәлле баслықларының өз-ара тәжирийбе алмасыўына тийкар болып, жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Семинарда қатнасыўшылар пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораў­ларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF