Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:04:28, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДОНОРЛЫҚТА БИРИНШИ ОРЫН

Усы жыл 17-19-декабрь күнлери Жиззақ ўәлаятындағы «Замин» санаторийинде «Биз биргемиз!» сүрени астында III – Республикалық волонтёрлар форумы ҳәм «Жыл волонтёры-2021» таңлаўының екинши басқышы өткерилген еди.

«Жыл волонтёры-2021» таңлаўына келип түскен, жәми 658 арза тийисли министрликлер менен мәкемелердиң жуўапкерлеринен ибарат экспертлер топары тәрепинен көрип шығылды.

«Биз биргемиз!» III – Республикалық волонтёрлар форумына, жәми 793 волонтёр жаслар электрон дизимнен өтти. Ҳәр бир талабанның анкетасы терең үйренип шығылып, олардың арасынан ең көп волонтёрлық әмелиатын ҳәм нәтийжелерин көрсеткенлер таңлап алынды,

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық-технологиялар университети Нөкис филиалының компьютер инжиниринг факультети студенти Рахат Жаңабаев «Биз биргемиз!» сүрени астында өткерилген III – Республикалық волонтёрлар форумына белсене қатнасып, донорлық бағдары бойынша биринши орынды ийелеп, «Жыл волонтёры» болды.

Форумның сыйлықлаў мәресиминде Рахат Жаңабаевқа 10 миллион сумлық сертификат, естелик саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

– Усы форумға қатнасыў ушын, жәми 793 жас дизимнен өткен болса, соның 16 сы қарақалпақстанлы жаслар болды,-дейди Р.Жаңабаев. – Мен еки ярым жылдан берли қан тапсырып киятырман. Усы күнге шекем 34 мәрте қан тапсырдым. Өзим қатарлы жаслар менен бирге волонтёрлық жумысларға, қалыс жәрдем көрсетиў илажларына белсене қатнасыўға ҳәрекет етип атырман.

Келешекте де донорлық етиўди даўам етемен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF