Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:28:44, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫС НӘТИЙЖЕЛИЛИГИНЕ ИТИБАР ҚАРАТЫЛМАҚТА

Әмиўдәрья районында бүгинги күнде 1 орайлық емлеўхана, 1 көп тармақлы орайлық поликлиника, 4 шаңарақлық шыпакерлик пунк­ти, 9 шаңарақлық поликлиника халыққа хызмет көрсетип келмекте.

— Президентимиздиң 2020-жыл 12-ноябрьдеги «Басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысына пүткиллей жаңа механизм­лерди енгизиў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде халықты хатлаўдан өткериў ушын 30 медициналық бригаданың жумысы жолға қойылған,-дейди районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Ф.Абдуллаев. — Бул бригадаларда  91 шыпакер ҳәм 328 орта медицина хызметкерлери болып, жергиликли бюджет есабынан мобиль медициналық диагностика үскенелери, тәрези, пульсоксиметр, танометр, мобиль ЭКГ аппаратлары менен тәмийинленген.

Өткен жылы 4 мыңға шамалас некелениўши шахс медициналық тексериўден өткерилип, зәрүр усыныслар берилди.

Орайлық емлеўханада 3 мыңнан аслам операция исленип, 40 жастан үлкен 57 131 кексе жастағылар скрининг тексериўинен өткерилип, кеселлиги анықланған наўқаслардың амбулатор ҳәм стационар шараятта денсаўлығы тикленди. Республикалық қәнигелестирилген медицина орайына 700ге шамалас наўқасқа жоллама берилди.

Сондай-ақ, 80 мыңға шамалас балалар медициналық тексериўден өткерилип, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бо­йынша емлеў илажлары календары тийкарында 55 мың 622 бала емленди. Туўма жүрек кеселликлери болған 35 баладан   15 ине операция исленди.

 5 мыңнан аслам ҳәмиледар ҳаяллар районлық перинаталь скрининг ханасында ультрасес тексериўинен, 800ден асламы Аралбойы скрининг орайында тексериўден өткерилди.

2022-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ҳәм бюджет қаржылары есабынан 923 миллион сумнан аслам қаржы есабынан зәрүрли әсбап-үскенелер алып келинди.

Жыл даўамында «Толқын», «Қызылшалы» аўылларындағы аўыллық шыпакерлик пунктлеринде, 71-санлы шаңарақлық поликлиника имаратларында оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Қурылысшылар тәрепинен бул объектте канализация, ишимлик суўы, жыллылық системасы, электр тармақлары толық жаңаланып, имараттың сыртқы ҳәм ишки тәрепи, рентген, МСКТ, диагностикалық үскенелерге мөлшерленген ханалар, емлениўшилер ушын палаталар оңланды. «Темир бетон» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен жергиликли бюджет есабынан ажыратылған улыўма баҳасы 15 миллиард сумлық 90 орынлық жаңа туўыў бөлиминиң имаратын қурыў жумыслары алып барылмақта.

Әмиўдәрья районында бул бағдарда әмелге асырылып атыр­ған жумыслар өз нәтийжесин бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF