Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:51:25, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОПЕРАТИВ ШТАБ ЖУМЫС АЛЫП БАРМАҚТА

Республикамыздың емлеў мәкемелери тәрепинен «Док-1 Макс» сиропы саўдасының алдын алыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

— Бүгинги күни барлық бас­ланғыш медицина хызметкерлери жас балалары бар шаңарақларға кирип, атап өтилген сироп ямаса таблеткалар болса пайдаланбаўы,тек ғана шыпакердиң усынысы менен балаларға медициналық емлеў өткериў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри  Мурат Қурбанов. — Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў минис­трлигиниң тапсырмасына муўапық, қыстаўлы медициналық жәрдем сис­темасына  ҳәм  амбулатор-поликлиника мәкемелерине наўқасланған балалар бойынша шақырыў ҳәм мүрәжатлар болған жағдайда оларды тезлик пенен стационарға жатқарыў ҳәм көрсетпеге муўапық госпитализация етиў,  амбулатор-поликлиника мәкемелеринде «онлайн патронаж» системасын тиклеў, онда 6 жасқа шекемги балалар саламатлығынан тиккелей хабар алыў, ҳәр қандай өткир кеселликлердиң белгилери бар балаларға шыпакердиң оператив тексериўин өткериў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, емлеў-профилактика  мәкемелери, мәкан пуқаралар жыйынлары, кәрханаларда, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда халықтың арасында балаларды шыпакердиң мәсләҳәтисиз өзбасымшалық пенен емлемеў, ҳәр қандай сироплы дәрилерди балаларға бермеў,  «quramax» фирмасының сироп препаратларын ўақтынша (жағдайға анықлық киргизилмегенше) қабыл етпеў бойынша түсиндириў жумысларын алып барыў тапсырмасы берилди.

Емлеўханаларға мүрәжат еткен балалардан мағлыўматларды толық жыйнаў (кесселликтиң басланған дәўири, қабыл еткен дәрилери, мүрәжат еткен мәкемелери ҳәм нәтийжелери), тастыйықланған стандарт ҳәм клиникалық протоколларға тийкарланған қатаң қадағалаў ҳәм емлеў илажларын көриў, наўқас балалардың динамикалық жағдайы ҳәм көрилип атырған илажлар туўралы ана-аналарды хабардар етиў, ҳәр бир бала ушын аймақлық ҳәм республикалық емлеў мәкемелериниң қәнигелерин қатнастырған ҳалда консилиумларды шөлкем­лестириў, «Док-1 Макс» дәрисин пайдаланған балалар анықланғанда экспертизадан өткериў ҳәм сол мәкемениң бас шыпакерине усыныў илажлары көрилмекте.

6 жасқа шекемги балаларға тез медициналық жәрдем хызметин шақырыўлар ҳәм актив патронажды әмелге асырыў ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр күни жыйнаў мақсетинде оператив штаблардың жумысы жолға қойылды. Сондай-ақ, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы  фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Републикасы бөлимшеси тәрепинен аймақлардағы дәриханалардан «quramax» фирмасы тәрепинен алып келинген «Док-1 Макс» дәрисин ҳәм «Амбронол» сироп дәрисин саўдадан жыйнап алыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF