Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:37:12, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРИЙ ПРОКУРОР МОЙНАҚ МЕКТЕБИНДЕ

14-январь — Қураллы Күшлер күни байрамы мүнәсибети менен Нөкис әскерий прокуратурасы прокуроры, әдиллик подполковниги Шухрат Зоиров Мойнақ районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшылар менен ушырасыў өткерди.

Онда Ш.Зоиров келешегимиз болған жасларды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 31 жыллық байрамы менен қутлықлап, олардың келешекте елимиз ушын өзиниң пайдасын тийгизетуғын ҳәр тәреплеме күшли ҳәм билимли инсанлар болып жетилисиўине  тилеклеслигин билдирди.

 Сондай-ақ, ол бүгинги күни Армиямызды реформалаў бойынша елимиз Президенти тәрепинен алып барылып атырған илажлар, әскерий хызметкерлерге жаратылған шараятлар туўралы кең түрде түсиниклер берип, әскерий жоқары оқыў орынларына оқыўшыларды қабыллаў тәртиби ҳаққында да айтып өтти. Ушырасыўда Нөкис әскерий прокуратурасы прокуроры, әдиллик подполковниги Шухрат Зоиров тәрепинен мектеп китапханасына жәҳән әдебияты дүрданаларынан ибарат китаплар топламы саўға етилди.

Соның менен бирге, ушырасыў даўамында мектеп музейинде болып, хал­қымыздың миллий өнерментшилик буйымлары, кийим-кеншеклери,  оқыўшылардың ҳәр қыйлы жарыс ҳәм таңлаўларда қолға киргизген табыслары, дөреткен дөретпелери менен жақыннан танысты.

Ушырасыў соңында мектеп директоры А.Жолымбетова Нөкис әскерий прокуратурасы прокуроры, әдиллик подполковниги Шухрат Зоировқа мектеп оқыўшыларына қаратқан итибары ҳәм қайырқомлық иси ушын педагогикалық жәмәәт атынан миннетдаршылық билдирди.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF