Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:12:50, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮЗЛИКСИЗ ТӘМИЙИНЛЕЎ ЖОЛҒА ҚОЙЫЛМАҚТА

Бүгинги күнде республикамыз бо­йынша 99414 жеке хожалық ҳәм 111 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми суйылттырылған газден пайдаланбақта.

Суйылттырылған газ тутыныўшыларына 2022-жыл даўамында режеге муўапық 17401 тонна су­йылттырылған газ жеткерип бериў белгиленген болса, әмелде 17877 тонна жеткерип берилген.

— Халыққа суйылттырылған газ жеткерип бериўде пайдаланылатуғын 156835 турмыслық газ баллонлары бар,-дейди «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалының бөлим баслығы Руслан Ибрагимов. — Олардың барлығына арнаўлы стикерлер бириктирилген.

Районлардағы суйылттырылған газден пайдаланыўшы 99414 жеке хожалық толық түрде ID карталар менен тәмийинленген. Оларға суйылттырылған газ жеткерип бериў жумыслары район ҳәкимликлери тәрепинен тастыйықланған графиклер тийкарында әмелге асырылмақта. Өндирислик кәрханалардан суйылттырылған газди тасыў ушын 6 МАН ҳәм 30 арнаўлы автотранспорттан пайдаланылмақта.

Районлардағы суйылттырылған газден пайдаланыўшы адамлардың машқаласын мәҳәлле кесиминде үйрениў ҳәм оны саплас­тырыў бойынша мәҳәлле белсендилери менен сәўбетлесиўлерди өткериў жолға қойыл­ған. АПЖ ҳәм МПЖ имаратларында ҳәм халық көп топланатуғын орынларда суйылт­тырылған газ тәмийнаты бойынша халықтың мүрәжат етиўи ушын жуўаплы хызметкерлердиң телефон номерлери жазылған баннерлер қыстырылған. Сондай-ақ, халыққа филиалдың 1104 колл-центр ҳәм басшы хызметкерлер менен байланысыўы ушын визиткалары тарқатылмақта.

Бүгинги күнде районлардағы газ тәмийнаты бөлимлериниң қоймаханаларында халықтың зәрүрликлери ушын 4302 турмыслық газ баллонларының резерви жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF