Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:05:28, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРАЎ ПИДАЙЫЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Елимиз тынышлығын тәмийинлеўде, шегараларымызды қырағы қорғаўда Қураллы Күшлер қатарында хызмет етип атырған әскерий хызметкерлердиң тутқан орны айрықша.

Олардың Ўатан тынышлығын сақлаў ушын еткен мәртлик ислерин халқымыз ҳеш қашан умытпай, оларды бәрқулла ардақлайды.

14-январь — Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 31 жыллық сәнеси ҳәм Қураллы Күшлер күни байрамы мүнәсибети менен Шымбай районында «Мәртлер мәңги жасайды» атамасында салтанатлы кеше болып өтти.

Оған район ҳәкимлигиниң басшылары, нураный әскерлер, тараў пидайылары ҳәм  кең жәмийетшилик ўәкиллери қат­насты.

Илажда Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов, районлық қорғаныў ислери бөлими баслығы, подполковник З.Гаибов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты Д.Палваниязова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Сондай-ақ, илаж даўамында районлық Қорғаныў ислери бөлиминде пидайылық пенен хызмет етип атырған бир қатар хызметкерлерге Шымбай районы ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Байрам кешеси районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен қызықлы даўам етти.

 

Әдилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF