Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:39:20, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАНША ӨНИМ ЭКСПОРТ ҲӘМ ИМПОРТҚА РӘСМИЙЛЕСТИРИЛГЕН?

Елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар менен өзгерислер, ең дәслеп инсан қәдирин улығлаўға, оның ҳуқықый мәплерин қорғаўға, тыныш абадан турмыста жасаўына хызмет етпекте. Соның ишинде, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, олардың жумысларының нәтийжели болыўы ушын нызамшылық тийкарында жеңилликлер бериў, қолайлықлар ҳәм шараятлар жаратыў илажлары да усыған киреди.

Бул бағдардағы жумыслардың жеделлесиўи бажыхана тараўының жумысларына да тиккелей байланыслы.

Бажыхана уйымлары тараўына соңғы жылларда заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологиялардың кеңнен енгизилиўи тараў жумысларының нәтийжелилигин арттырып, бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўи процесс­лерин әпиўайыластырыў, оларға кететуғын ўақытты азайтыў, соның менен бирге, жумыс сапасының артыўына тийкар жаратпақта.

— Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана бас­қармасы тәрепинен өткен жыл даўамында баҳасы 364,6 миллион АҚШ долларынан аслам өним экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди,-дейди басқарманың мәлимлеме хызмети бас инспекторы Ю.Қудиярова.

Улыўма баҳасы 636,7 миллион долларлық республикамыз сыртқы саўдасының 57,2 проценти товарлар экспортына туўра келмекте.

Республикамыздан тийкарынан полиэтилен, ийирилген жип, фармацевтика, химия санааты, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм мийўе-овощ өнимлери, тири ҳай­ўанлар ҳәм олардың ағзалары, жүн, тери ҳәм олардан таярланған буйымлар, шийше ҳәм оннан исленген бу­йымлар, тәбийғый қазылмалар, электротехника ҳәм оның бөлеклери, ағаш, тахтай ҳәм олардан исленген буйымлар Түркия, Қытай, Россия, Латвия, Қазақстан, Аўғанстан, Бирлескен корольлық, Литва сыяқлы бир қатар мәмлекетлерге экспорт етилди.

Техникалық әсбап-үскенелер, металлар ҳәм олардан таярланған буйымлар, химия санааты өнимлери, ағаш ҳәм тахтай, аўыл-хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери, транспорт ҳәм оның аўысық бөлеклери, нефть ҳәм нефть өнимлери сыяқлы улыўма баҳасы 272 миллион АҚШ долларына тең өним бажыхана тәрепинен импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

2022-жыл даўамында бас­қарма тәрепинен бажыхана уйымларының өзиниң фискал ўазыйпаларын әмелге асырыўы шеңберинде бажыхана төлемлеринен 468 миллиард 108 миллион сумлық қаржының мәмлекетлик бюджетке өткерилиўи тәмийинленди.

Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерине бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў арқалы экспорттың көлемин көбейтиў ҳәм импортты оптималластырыў бағдарында бир қатар жеңиллик ҳәм имканиятларды өзинде жәмлеген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилмекте. Усы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бажыхана уйымлары тәрепинен өткен жыл даўамында Сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына жәми 360 миллиард 35 миллион сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды.

Бул алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда исбилерменлик субъектлерине сыртқы саўда экономикалық жумысын әмелге асырыў ушын берилген жеңилликлердиң 91,5 миллиард сумға ямаса 34 про­центке артқанлығын көр­сетпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF