Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:18:08, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МУЗЫКА ӨНЕРИНИҢ ПИДАЙЫЛАРЫ

Дүньяда ийне менен қудық қазғандай бир машақатлы кәсип бар, ол да болса композитор. Өйткени, бул тек ғана  кәсип емес, Алла тәрепинен инсан баласына берилген әжайып уқып деп айта аламан.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2017-жыл 15-августта «Өзбекстан композиторлары ҳәм бастакарлары аўқамының жумысын және де жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, бизиң композиторлар аўқамымыз қайтадан шөлкемлестирилип, соның салдарынан Қарақалпақстан композиторлары ҳәм бастакарлары аўқамы да қайта дүзилди. Оның штат бирликлери ҳәм көлеми және де кеңейди. Бул не деген сөз, яғный, илгери тек ғана композиторлар аўқамы деп жүргизилген болса, енди оның искерлиги, хызмети ҳәм дөретиўшилерге болған имканият есиклериниң кеңейгени бастакарлар сөзиниң қосылғанында болды. Усының менен республикамызда тек ғана профессионал композиторлар емес, ал, нама дөретиўге қызығатуғын, нама косық жазыўды өзине үрдис етип алған бир қатар талантлы жасларымыз ушын да үлкен гүзар жолды баслап берди, деп айта аламыз. Аўқамымыз дәрежеси хәм хызметин және де жетилистирип, аўқам ағзаларының санының артыўына түртки берип, биз дөретиўшилерди қоллап-қуўатлағаны ушын ҳүрметли Журтбасшымызға барлық композиторларымыз атынан миннетдаршылығымды билдиремен.

Аўқамымыз жумысларының және де жетилискени мысалы ретинде бул илажлар әмелде өз тастыйығын таўып бармақта. Быйылғы жылдың жуўмағы ретинде бир қатар ислеген жумысларымызды айтып өтиўди жөн деп билемен. Атап айтқанда, аўқам ағзаларының саны ҳәм қатары жылдан-жылға артып бармақта. Мәселен, аўқам қайта дүзилген ўақытта, яғный, 2017-жылдан баслап аўқамымыз ағзалары қатары жас қәнигелер менен толысып барды. Олардан «Дослық» ордениниң ийеси, талантлы композитор, бир қатар лирикалық қосықлардың авторы А.Пахратдинов, музыка сыншысы, педагог Г.Камалова, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты А.Төремуратова, жас композитор Ж.Чаршемовлар ағза болған болса, буннан соң халықаралық сыйлықлардың лауреаты, педагог Б.Алланиязов, Нөкис районынан С.Камаловлар ағза болды. Ал, бы­йылғы жылы булардың қатары көбейип устаз педагог, Өзбекстан халық билимлендириў ағласы Н.Қаллибеков, жас композитор қызларымыз И.Каримова ҳәм  Р.Абатбаевалар ағза болды. Ең қуўанышлы тәрепи сонда, бизиң республикамызда композитор қызларымыз оғада аз еди. Ертеректе дөретиўшилик еткен Д.Жаңа­баева, Т.Адамбаевалар, булардан соң А.Сапарова, У.Абдуллаевалар бар болса, булардың избасары сыпатында мине усы жас композитор қызларымыз бенен мақтаныш етсек арзыйды. Композиторларымыз тек ғана музыкалық шығармалар дөретип қалмастан, жәмийетлик жумысларда ҳәм аўқамымыздың түрли илажларында белсене қатнасып келмекте. Олар халқымыздың миллий музыка өнерин келешек әўлад­ларға мүнәсип жеткериў жолында аянбай хызмет етип, музыкалық басылымлар, тезислер ҳәм мақалаларды сырт ел ҳәм жергиликли баспаларда жәриялап келмекте.

Аўқамымыздың илажлары жөнинде айтатуғын болсақ, ҳәр жылы турақлы рәўиште марҳум композиторларымыздың еслеў кешелери, юбилей сәнелери театрларымызда кең жәми­йетшилик арасында өткерилип, телевидение ҳәм радио арқалы жарытылып барылмақта. Сондай-ақ, мине саррас 10 жылдан аслам ўақыт ишинде Қарақалпақстан телеканалы арқалы берилетуғын «Саз ҳәм ҳаўаз» (ески аты «Музыка сырлары») телекөрсетиўи әллеқашан телетамашагөйлердиң сүйикли көрсетиўине айланып үлгерди. Бул шоу-көрсетиў арқалы республикамыздың шетки орынларында мийнет етип атырған мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллериниң таланты ҳәм музыкалық билими сыннан өткерилип, халқымыздың бай музыка үлгилери, оларды үгит-нәсият еткен инсанлар ҳаққында мағлыўматлар турақлы рәўиште берип барылады. Сондай-ақ, «Жаслар ТВ» телеканалы арқалы да «Сиз сүйген қосықлар тарийхы» атлы көрсетиўи жасларымызға миллий музыкаларымыз бойынша мағлыўмат бере алады.

Өткен жыл даўамында устаз композиторлар Қ.Заретдинов, Ш.Пахратдиновлардың 70 жыллықлары республикамыз бойлап өткерилген болса, жаслар устазы, Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери У.Абдуллаеваның апрель айында балалар ушын жазылған намалардан ибарат концерт  бағдарламасы өткерилди. 1-июнь — «Халықаралық балаларды қорғаў күни»нде МШБ министрлиги, Жазыўшылар аўқамы ҳәм Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайы менен қоспа қарары тийкарында «Балалығым-патшалығым» Республикалық таңлаўы кең түрде өткерилди. Буннан мақсетимиз — балалар ушын жазыл­ған жаңа қосық-намаларды дөретиў, текстлерди мазмуны жағынан байытыў, балаларды руўхый жақтан жетилистириў, талантын жүзеге шығарыў есапланады. Бул таңлаўда шетки ра­йонлар, үлкелерден балаларымыз белсене қат­насты ҳәм мүнәсип сыйлықланды. Соның менен қатар, жас композиторлардың шығармаларын кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде А.Пахратдинов, А.Төремуратова, Н.Қаллибеков, И.Каримова, Р.Абатбаева, С.Камаловлар өзлериниң жеке дөретиўшилик кешелерин пайтахтымыздағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде салтанатлы рәўиште өткерди ҳәм бул илажлар телевидение ҳәм радио арқалы өз алдына көрсетиў, еситтириў сыпатында тамашагөйлерге инам етилди. Соның менен қатар, жақында 12-санлы Әмет бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде өзимниң 85 жас­қа толған юбилей сәнемди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Мәденият министрлиги ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы жәмәәти басшылығында салтанатлы рәўиште өткерилди. Усындай бизди қоллап-қуўатлаған ҳүкиметимизге үлкен миннетдаршылығымды билдиремен. Республикамыздың түрли байрам илажлары ҳәм ушырасыў кешелеринде композитор ҳәм бастакарларымыздың музыкалық шығармалары байрамға және де көрк ҳәм йош бағышлап келмекте. Усындай тыныш-татыў елге әлбетте, байрамлар, шадлы қосық-намалар жарасады. Композиторларымыз тек қосық, романслар менен шекленип қал­мас­тан, опера ҳәм балет жанрларында да бир қатар ири көлемли шығармаларды жазып, сахналастырыўға еристи. Атап айтқанда, үлкен театрымыз сахнасында «Гүлайым» этно операсы (бул опера өз алдына китап ретинде баспаға таярланып атыр), Қ.Заретдиновтың «Тумарис», «Халық ушын» опералары, «Қырық қыз» музыкалы драмасы, Ж.Чаршемовтың «Лувр үйреги», «Ўатан топырағы» драмалары ушын жазған музыкалары сахна жүзин көрди.

«Өнерлиниң қолы алтын» дегениндей, композитор ушын берилген илаҳийда талант, өнери арқасында бүгинги күнде өз билими ҳәм көнликпелерин асырып, елимиздиң музыка саласының раўажланыўына өзлериниң үлкен үлесин қосып киятырған композитор ҳәм бастакарларымыз шын мәниде халқымыздың ағла перзентлери, деп айта аламыз. Ал, музыка сыншыларымыз тәрепинен жазылып атырған монография, музыкалық мийнетлер ҳәм шығармалар болса саз әлемимиздиң еле де байыўына түртки болары сөзсиз.

Жуўмақлап айтқанда, аўқамымыз тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар, әлбетте, ҳәр бир музыка ықласбентиниң дыққат орайынан орын ийелеп, бизиң композиторларымыздың талантын еле де жарыққа шығарыўда әмелий тастыйығы бола алды, деп мақтаныш ете аламыз ҳәм усындай инабатлы жумыслар келешекте даўам ете береди деп үмит етемиз.

 

Нажимаддин МУХАММЕДДИНОВ,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының көркем өнер ғайраткери,
Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Қарақалпақстан ком­­позиторлары
ҳәм бас­такарлары аўқамының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF