Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:17:58, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚТЫҢ ҚЫС МӘЎСИМИНДЕГИ ТУРМЫСЫ МЕНЕН ТАНЫСТЫ

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры  Э.Таджиев ҳәм Бас прокуратураның басқарма баслығы М.Абдухакимов Тақыятас районындағы  «Тахиатоштумангаз»  газ тәмийнаты ҳәм  Тақыятас районлық электр тәмийнаты  бөлимлерине барып, олардың алып барып атырған жумыслары менен танысты.

Үйрениўлер барысында тутыныўшыларды тәбийғый ҳәм су­йылтырылған газ, электр энергиясы менен тәмийинлеў жағдайы, жүз бериўи мүмкин бол­ған авариялық жағдайларды өз ўақтында сапластыратуғын диспетчерлик хызметтиң таярлығы менен жақыннан танысты.

Буннан тысқары, райондағы социаллық объектлердиң қыс мәўсимин қәўипсиз өткериўи ушын жылытыў системаларының үзликсиз ислеўи ҳәм халық ушын жаратылған қолайлықлар менен де танысты.

Соның менен бирге, прокурор Э.Таджиев район орайынан алыста жайласқан елатлардың шаңарақларында да болып, оларды суйылтырылған газ ҳәм көмир менен тәмийинлеў жағдайы менен танысып, тийисли тараў басшыларына халыққа өз ўақтында сапалы хызмет көрсетиў бойынша көрсетпелер берди.

Сондай-ақ, үйрениўлер даўамында аўылларда жасайтуғын социаллық жәрдемге мүтәж бир қатар хожалықларға барып, «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде олар­ға азық-аўқат өнимлерин тапсырды.

Әдилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF