Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:37:02, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЛЛИЙ АРМИЯМЫЗ — ЖАҢА ӨЗБЕКСТАННЫҢ БЕККЕМ ҚАЛҚАНЫ

Жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәр­биялаў, олардың арасында спорттың техникалық түрлерин ғалаба ен жайдырыў мақсетинде автокросс, мотокросс, картинг, дуатлон, жазғы биатлон сыяқлы спорт секциялары ҳәм авиа, ракета, кеме моделлестириў дөгереклериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.

 Илаж Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери бас­қармасы жанындағы шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлерге таярлаў орайы курсантларының әскерий  шығыўлары менен басланды.

Спорт техникалары көргизбесинде автомотоспорт техникаларынан спорт автомобильлери, багги, картинг ҳәм мотоцикллер жасларда үлкен қызығыўшылық оятты. Олар пневматикалық қураллардан әмелий пайдаланыў имканиятына ийе болды.

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Арқа-батыс әскерий округи, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы, «Ўатан сүйениши» балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий-ўатансүйиўшилик ҳәрекети, «Ватанпарвар» шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Нөкис қаласы ҳәм Нөкис районындағы мектеплердиң оқыўшылары, жәмлеспеген жаслар қатнасты. Илажда жаслар «Ватанпарвар» шөлкеминде шөлкемлестирилген спорт секциялары ҳәм дөгереклердиң жумысы менен танысып, усы дөгереклерге қатнаўға қызығыўшылық билдирди.

— Илажда «Ватанпарвар» шөл­кеминдеги спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери бо­йынша секциялар ҳәм дөгереклерде шуғылланыў бийпул екенлиги, тек ул балалар емес, қызлар да әскерий тараўда оқыўы ҳәм жумыс ислеўи мүмкинлиги түсиндирилди, -дейди Нөкис қаласындағы 50-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Арысланбек Муратбаев. — Айырым қызығыўшы досларым картинг, спорт автомобильлери ҳәм мотоцикллерин устазлардың жәрдеми менен басқарып көрди. Көргизбеде ўақтымыз мазмунлы ҳәм пайдалы өтти. 

— Президентимиздиң 2022-жылдың 2-марттағы «Ўатан сүйениши» балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий-ўатансүйиўшилик ҳәрекети жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыздың барлық улаўма орта билим бериў мектеплеринде 10-11-класс оқыўшыларынан ибарат усындай отрядлар шөлкемлестирилди, - дейди Қарақалпақстан Республикасы «Ўатан сүйениши» балалар ҳәм жас өспиримлер әскерий-ўатансүйиўшилик ҳәрекети баслығы, подполковник Акбар Ярматов. — Республикамыздағы 697 мектептиң ҳәр биринде 20 ағзадан ибарат отрядлар болып, әскерий шақырыққа шекемги баслаўыш таярлық пәни муғаллимлери усы отрядтың баслығы болып тайынланды. Әҳмийетлиси, ҳәрекеттиң жумысларында белсене қатнасқан, мектепти жоқары баҳаларға жуўмақлаған отрядтың ағзасына әскерий жоқары оқыў орнына оқыўға кириў ушын жеңилликли усыныс хаты бериледи.          

Илаж соңында пневматикалық қураллардан оқ атыў бойынша жақсы нәтийже көрсеткен оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.

— Ғәрезсизлик уллы жемис болып, ол Ўатан еркинлиги, тынышлық, татыўлық сыяқлы сезимлерден күш алады, - дейди Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими қәнигеси Гүлис­тан Палванова. — Ғәрезсизлигимиздиң беккемлениўинде өмирин ўатансүйиўшиликке, тынышлықты сақлаўға бағышлаған әскерий хызметкерлердиң хызмети үлкен. Илаж даўамында жасларымызға бундай кәсиптиң машақаты ҳәм мақтанышлы тәреплерин көрсетиўге ҳәрекет еттик.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF