Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:08:43, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НУРАНЫЙЛАРДЫҢ БУХАРА ЎӘЛАЯТЫНА САЯХАТЫ

Быйыл 1-4-январь күнлери Жаңа — 2023-жылдың кирип келиўи мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм «Нураный» қоры тәрепинен бир қатар нураныйлар кеңеслериниң баслықлары ҳәм белсендилериниң Бухара ўәлаятына саяхаты шөлкемлестирилди.

Саяхат даўамында олар Бухара ўәлаятындағы Жети пир, Хожа Абдулхолиқ Ғиждивоний, Хожа Ориф Ревгарий, Хожа Махмуд Анжир Фағнавий, Хожа Али Ромитаний, Хожа Муҳаммад Бобойи Самосий, Хожа Сай­йид Амир Кулол, Хожа Баҳауддин Нақшбанд, «Лаби ҳовуз», «Эски шаҳар» ҳәм «Ситораи Моҳи Хоса» сыяқлы зыярат орынларына барды.

Барған жерлеринде нураныйларымыз сый-ҳүр­метке бөленип, жақсы күтип алынды, Шөлкемлес­тирилген ҳәр бир зыярат, мийманхана, азанғы, түски аўқатланыўлар айрықша шөлкемлескенлик жағ­дайында өткерилди.

Нураныйлар пайызлы орынларда дем алып, дастурхан әтирапында, бир кесе шай үстинде сәўбетлесип, жаслар тәрбиясы, мәҳәллелердеги аўызбиршиликти тәмийинлеў, абаданластырыў, пуқаралардың машқалаларын шешиў мәселелери бойынша пикир алысты. Әмелге асырып атырған жумыслары туўралы мағлыўматлар берилип, тәжирийбе алмасты.

— Бизлер республикамыздағы қала ҳәм районлардан келген нураныйлар, жазыўшы-шайырлардан Халила Дәўлетназаров, Сағынбай Ибрагимов ҳәм басқа да бир қатар мийнет ветеранлары менен бирге Бухара ўәлаятына саяхатқа шықтық. Көплеген зыярат орынларына барып, халқымыздың тынышлығы, абаданлығы ҳәм аманлығын тилеп дуўа еттик. Барлық жерде нураныйларымызға айрықша ҳүрмет көрсетилди. Бурын да Бухараға келип көргенмен. Бирақ, усы саяхатта бул қаладағы соңғы өзгерислер, жаңадан қурылған заманагөй имаратлар, дем алыў орынлары менен де танысып, кеўилли дем алдық,-дейди Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов.

Бул ушын саяхат шөл­кемлестириўшилеринен миннетдармыз.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF