Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:19:50, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖАСЛАР ТУРИЗМИ ҲӘПТЕЛИГИ» БАСЛАНДЫ

Президентимиздиң 2022-жыл 30-апрельдеги «Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимизде бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

2023-жылдың январь айының биринши он күнлигинде «Жаслар туризми ҳәптелиги» өткерилмекте. Ҳәптелик шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги тәрепинен оқыўшылар ушын саяхат шөлкемлестирилмекте. Ҳәптелик Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 30-декабрьдеги «Жаслар туризми ҳәптелиги» шеңберинде «Жаңа жылда — Жаңа Өзбекстан бойлап саяхат» илажын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2023-жыл Жаңа жыл мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм басқа да бир қатар министрлик ҳәм мәкемелер менен биргеликте жаслардың И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейи, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры, тарийхый орынлар, кинотеатрлар ҳәм басқа да мәдений мийрас объектлерине саяхатлар ҳәм «Жаңа жыл саўғасы» атлы концерт бағдарламалары шөлкемлестирилмекте. Саяхатқа республикамыз районлары ҳәм пайтахтымыз Нөкис қаласының мектеп оқыўшылары, шаңарақ Меҳрийбанлық үйлери балалары қатнаспақта.

Шөлкемлестирилип атырған бул ҳәптеликтен гөзленген мақсет — дем алыс пайытында дыққатқа ылайық орынларға, жоқары оқыў орынларының студентлери, мектеп оқыўшылары, мәҳәллелердеги халық ҳәм жаслардың саяхатларын шөлкемлестириў, майыплығы болған жаслардың саяхат етиўи ушын зәрүр илажларды әмелге асырыўдан ибарат. 

— l-январь күнинен бүгинги күнге шекем басланған бул илажда мыңнан аслам мектеп оқыўшыларының саяхаты шөлкемлестирилген. И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейине, Нөкис қаласына саяхат етилмекте. Ал, басқа да қубла ҳәм арқа районларда, Мойнақ, Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районларында алдағы күнлери шөлкемлестириў режелестирилген. Кесте тийкарында ҳәр күни ҳәр бир районнан оқыўшылар келмекте. Республикамыз көлеминде 200ден аслам мәдений мийрас объектлери бар болып, оларға да саяхатлар шөлкемлестирилмекте. Атап айтатуғын болсақ, Беруний районындағы Қызылқала, Төрткүлдеги Жамбасқала, Елликқаладағы Топыраққала ҳәм басқа да тарийхый-археологиялық естеликлерине саяхат етилмекте. Буннан гөзленген мақсетимиз — өсип киятырған жас әўладларымызды Қарақалпақстан Республикасының мәденияты ҳәм тарийхы менен кеңнен таныстырыў ҳәм оларды қәстерлеп сақлаў, ой-өрисин кеңейтиўден ибарат, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниң туризм ағымларын көбейтиў бөлими баслығы Ҳүрмет Жәлимбетов.

Бүгинги күнге келип Нөкис қаласындағы мектеплерден l00ден аслам оқыўшылар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейлеринде болып, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында демалыс күнлерин мазмунлы өткерип, заўықлы дем алды. Сондай-ақ, қала ҳәм районлардағы елиўге шамалас мектеп оқыўшылары музейлерге, тарийхый естеликлер ҳәм мәдений мийрас объектлерине, атап айтатуғын болсақ, Қанлыкөл ра­йонының мектеп оқыўшылары Мойнақ районына саяхаты даўамында «Ҳәким ата» зыярат комплексинде ҳәм райондағы Экология ҳәм Арал теңизи тарийхы музейлеринде, ал, Беруний районы оқыўшылары Әмиўдәрья ра­йонында жайласқан Мәдений ҳәм үлкетаныў музейи экспонатлары менен жақыннан танысты.

Ҳәптелик шеңбериндеги илажларда пайтахтымыздағы театрлардың дөретиўшилик жәмәәтлери тәрепинен сахналастырылған түрли мазмундағы қызықлы спектакльлер орын алған болып, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театр жәмәәти де өзиниң «Мәстан кемпирдиң ҳийлеси», «Алтын дән» ҳәм «Жаңа жыл саўғасы» шоу концерт бағдарламаларын тамашагөйлер нәзерине усынбақта.

— Жаңа жыл басынан елимиз бойлап даўам етип атырған туризм ҳәптелигинде бизиң Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры да өзиниң салмақлы үлеслерин қосып атыр. Себеби, бүгинги күнде балаларымыздың қысқы демалыс пайытлары және де ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде Нөкис қаласына келген жаслар ҳәм балалар да бизиң театрымызға келип, әжайып спектакль тамашалаў имканиятына ийе болмақта. Биз усы балаларымызға демалыс күнлерин заўықлы ҳәм мазмунлы өткериў мақсетинде өзимиздиң театр репертуарымыздағы қунлы спектакльлер менен бир қатарда Жаңа жыл тамашаларын да усынып атырмыз. Әлбетте, буларды тамашалап атырған алыс аўыл балалары ҳәм қалаларымыздан келген оқыўшыларымыздың ой-өрисиниң жоқарылаўына, руўхый жақтан кәмил инсанлар болып жетилисиўинде әҳмийети үлкен, - дейди Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры директорының орынбасары Әдилбек Сейтов.

Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, ҳәптелик шеңберинде жаслар туризми кәрўаны, жас сүўретшилердиң көргизбелери ҳәм Арал туризми ҳәптелиги өткерилиўи режелестирилген. Ҳәптелик шеңберинде бир қатар жеңилликлер, автобус, авиа ҳәм темир жол билетлерине шегирмелер белгиленген.  

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: ҳәптелик шеңбериндеги илажлардан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF