Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:48:02, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲӘКИМШИЛИК СУДЛАРЫ: ЖАҢА БАСҚЫШҚА КӨТЕРИЛЕДИ

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.

Конференцияны шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет — судлардың нызамлылықты тәмийинлеўдеги роли, сондай-ақ, ҳәкимият пенен халық арасындағы көпир хызметин атқаратуғын ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелери алға қойылды.

Мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасында реформалар нәтийжесинде шөлкемлестирилген ҳәкимшилик судлары пуқаралардың ҳәм исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик басқарыў уйымларының нызамсыз қарарлары ҳәм лаўазымлы шахс­лардың нызамға муўапық болмаған ҳәрекетлеринен қорғаўға хызмет етеди.

Жаңа жыл алдындағы Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған МүрәжатындаF «Алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында ҳәкимшилик судларының жумысын жаңа басқышқа алып шығамыз» деп атап өтилди. Ҳәкимшилик судларға ҳәким қарарынан наразы болып мүрәжат еткен жағдайда, жумысларды экс­территориал тәртипте, яғный, басқа аймақта да көриў әмелияты енгизиледи.

Ҳәкимшилик судларының ашылғанына онша көп ўақыт болмаса да Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен өткен 2022-жылы жәми 756 ис көрилип, әдил шешим қабыл етиўге ерисилди. Демек, пуқаралардың бузылған ҳуқықларының тиклениўинде, олардың нызамлы мәплериниң қорғалыўында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиз атап өткениндей, инсан қәдир-қымбатын ҳүрметлеў, буның ушын ҳәр қандай жағдайда да әдилликти қарар таптырыўға болған әдил судлаў системасын қәлиплестириў — биз ушын ең баслы ўазыйпаға айланып, ҳәр бир судьяның санасында әдиллик, тилинде ҳақыйқат, кеўлинде пәклик ҳүким сүриўи керек.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды судьясы Р.Худайбергенова, Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы Б.Досымбетов, Қарақалпақстан радиоканалының бөлим баслығы Н.Бегимовалар шығып сөйлеп, ҳәкимшилик судлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы  А.Нурлипесов та баянат жасап, конференция қатнасыўшыларына суд алдындағы алдағы ўазыйпаларға тоқтап өтти. Судлардың нызамлылықты тәмийинлеўдеги роли, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў мәсаелелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

 

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF