Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:10:34, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘҲӘН БИЗГЕ ҲӘЎЕС ЕТИП ҚАРАСЫН

Атабек Муртазаев, Азиз Муртазаев ҳәм Бекназар Абдикамалов бүгинги күни «senior» дәрежесиндеги программистлер болып,  пүткил дүньяға белгили  «Facebook» ҳәм «Амазон» компанияларында жумыс ислеген дәслепки қарақалпақстанлы қәнигелер болып есапланады.

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы бас­қармасы ҳәм «Texnopos IT» академиясының шөлкемлестириўинде пайтахтымызда жайласқан Жаслар орайында программаластырыў тараўына кирип келген жерлеслеримиз бенен ашық сәўбет өткерилди.

Оған республикамыздың барлық аймақларынан усы тараўға қызығыўшы жаслар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.

Ушырасыўда Атабек Муртазаев, Азиз Муртазаев ҳәм Бекназар Абдикамаловлар өзиниң өмир жолы ҳәм  IT тараўына кирип келиў себеплери, бул жолда ислеген ҳәрекетлери туўралы илаж қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берди.

Сондай-ақ, ушырасыўда илаж қатнасыўшылары тәрепинен IT тараўы ҳәм сырт еллерде оқыў бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, оған тийисли жуўапларын алды.

— Баламызды мектепте қайсы тилде оқытсақ мақул болады?-деп сорадым Атабек Муртазаевтан ушырасыў соңында.

— Балаңыз мектепте қайсы тилде оқығанының парқы жоқ. Ең баслысы, онда билим ийелеўге, дүньяны үйрениўге деген қызығыўшылық болса болды. Соның менен бирге IT тараўын тереңнен үйрениў ушын инглис тилин жетик билиўи зәрүр. Сонда ғана балаңыздан сиз үмит еткен қәниге өсип жетилиседи,-дейди ол.

Ушырасыў соңында шөлкемлестириўшилер тәрепинен кеше мийманларына миннетдаршылық билдирилип, оларға миллий ки­йимлер саўға етилди.

Бүгинги күни дүньяның абырайлы компанияларында жумыс ислеп, ҳәр қыйлы жойбарларды жеңип алып жүрген бул заманласларымыз ҳәзирги күни өз үйлерине қысқы дем алысқа келип, республикамыз жаслары менен өз-ара ушырасыўлар өткермекте.

Әдилбай Оразов,   

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF