Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:36:16, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫ ИЛИМПАЗ — ХАЛЫҚАРАЛЫҚ АКАДЕМИЯҒА АҒЗА БОЛДЫ

Ташкент мәлимлеме-технологиялары университети Нөкис филиалының директоры халықаралық акаде­мияның ағзасы болды.

Халықаралық инженерлер академиясы мәмлекетлик-инженерлик потенциалды күшейтиў, инсанлардың руўхый, экономикалық, экологиялық ҳәм социаллық турмысын жақсылаў мақсетинде жумыс ислеп атырған мәмлекетлердиң инженерлик дәрежесин беккемлеўге жәрдем берип келмекте.

Халықаралық инженерлер академиясында 40қа шамалас мәмлекеттен ҳүкимет ағзалары, белгили илимпазлар ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлерден ибарат 1300ден аслам ағза бар.

Атап өтиўимиз керек, соңғы жылларда елимиздиң, соның ишинде, республикамыздың бир қатар илимпазларының илимий мийнетлери ҳәм ойлап табыўлары тек республикамызға емес, ал, басқа еллерге де пайдалылығы, халықаралық дәрежеде әҳмийетлилиги менен көзге тасланбақта.

Қуўанышлы тәрепи сонда, жаңа жыл алдынан Ташкент мәлимлеме-технологиялары университети Нөкис филиалының директоры, профессор Батырбек Қайыпбергенов та техника тараўындағы нәтийжели мийнетлери ушын усы академияның хабаршы ағзасы етип қабыл етилди ҳәм ол Халықаралық инженерлер академиясының Президенти Б.В.Гусев тәрепинен Диплом, ағзалық нышан менен сыйлықланды.

— Өзбекстан Республикасы Конституциясының 29-статьясына муўапық, халықтың информацияға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде филиалымызда рәсмий сайт, оның социаллық тармақлардағы рәсмий бетлери, телеграмм, инста­грамм, фейсбук, ютуб ҳәм блоглары жаратылған,-дейди филиалдың баспасөз хызметиниң баслығы Н.Нурбекова. — Оларда филиал турмысын сәўлелендириўши ҳәр қыйлы бағдардағы жаңалықлар ҳәм мағлыўматлар ҳәр қыйлы форматта кең аудиторияға жеткерип берилмекте. Сондай-ақ, оларда филиалымыз тәрепинен мәлимлеме-технологиялары арқалы инсанлардың руўхый, экономикалық, эколо­гиялық ҳәм социаллық турмысын жақсылаў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар, жаңалық­ларға да кең орын берилген.

Филиал бир жыл даўамында бир неше жетискенликлерди қолға киргизди. Соннан, атап өтетуғын болсақ, 2021-жылы жоқары оқыў орынлары арасында фейсбук социаллық тармағы арқалы жаңалықларды кең жәмийетшиликке өз ўақтында анық ҳәм дурыс жеткерип бериўде филиалымыз дәслепки онлыққа кирди.

Филиал ушын және бир айрықша жаңалық — бул Медиа­орай ашылыўы ушын жәмәәтимиз ашық бюджет порталы арқалы 500 миллион сумды жеңип алғаны болды. Ҳәзирги күнде оның қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Әлбетте, филиалдың усы бағдардағы ҳәм басқа да жумысларын есапқа алып филиал директоры Б.Қайыпбергеновтың Халықаралық инженерлер академиясының хабаршы ағзасы етип қабыл етилиўи усы тараўдағы жумысларымызды еле де жеделлестириўге жәрдемин береди, деп исенемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF