ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ МҮРӘЖАТЫ ОРЫНЛАРДА ҮГИТ-НӘСИЯТЛАНБАҚТА
Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы тәрепинен Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси, онда алға қойылған басламаларды халыққа жеткериў мақсетинде Төрткүл районы ҳәкимлигинде мәжилис болып өтти.
Мәжилисте ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, районлық Кеңестиң депутатлары, фермерлер, аўыл хожалығы тараўының ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси ҳәм O‘zLiDeP Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы Актам Ҳаитов сөзге шығып, елимиз басшысының Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси, халыққа жаратылып атырған жеңилликлер менен жаңа имканиятлар, инсан қәдири ушын әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде алып барылып атырған сиясаттың орайында инсан ҳәм оның мәпин тәмийинлеўдей уллы идея әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленген. Соның ишинде, билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған итибар, жеке секторға қосымша шараятлар жаратыў, балалар бақшаларының санын көбейтиў, олардағы билимлендириў ҳәм тәрбияның сапасын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша бес жыллық бағдарламаның қабыл етилиўи, ҳәм бир тараў бойынша ислениўи тийис болған алдағы ўазыйпалар бойынша түсиник берилди.
Илажда аўыл хожалығы тараўындағы алдынғы фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелерине «Алдынғы фермер», «Үлгили қыйтақ жер ийеси» көкирек белгилери ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Олий Мажлис Спикери орынбасары А.Ҳаитов орынларда алып барылып атырған реформалар менен жақыннан танысыў мақсетинде «Пахташы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Тўрткўл кунжут» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде ҳәм усы жәмийетке қараслы ыссыханада болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.