Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:24:44, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚТЫҢ ТУРМЫСЛЫҚ МАШҚАЛАЛАРЫН ШЕШИЎ ЖОЛЫНДА

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басқарма баслығы М.Абдухакимов басшылығындағы жумысшы топар  Қараөзек районында болып, районның экономикалық тармақлары, социаллық объектлери ҳәм аймақларда жасаўшы халықтың қыс мәўсиминде ушырасатуғын турмыслық қыйыншылықлардан шығысыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәми­йинлеў, базарларда баҳалардың тийкарсыз көтерилип кетиўиниң алдын алыў жумыслары менен танысты.

Танысыў барысында ол район орайындағы «Дийқан базары»нда болып,  саўда ярмаркасында азық-аўқат өнимлериниң баҳалары, олардың алып келиниўи ҳәм арзан баҳаларда сатылыўы, аймақ  халқының газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўға болған машқалаларын үйренип шықты.

Усы күни жумысшы топар райондағы «А.Досназаров»  аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен  ушырасты. Ушырасыў даўамында аўылдың  жасаў шараятлары үйренилип, аймақтағы 23 хожалықты тәмийинлеўши жаңадан қурылған трансформатор ҳәм усы жердеги халықты тәбийғый газ тармағына жалғап бериў бо­йынша исленип атыр­ған жумысларды көзден өткерди.  Аймақ халқының газ тармағына жал­ғап бериў бойынша машқалаларын көрип шығып, тез күн ишинде бул мәселени шешип бериў илажларын көретуғынлығын билдирип өтти.

Соның менен бирге, үйрениўлер даўамында аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайларынан хабар алынып, олар  азық-аўқатлық өнимлери менен тәмийинленди.

Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары электр энергиясы ҳәм  тәбийғый газ машқалалары бар аймақлардағы үзилислерди өз ўақтында сапластырыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF