Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:53:07, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ШЫМБАЙ ГҮЗАРЫ»НДА ЖАҢА БАҚША

Нөкис қаласы «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйынында 120 орынға мөлшерленген 58-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.

Бүгинги күнге шекем мәҳәлледе тек 1 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс ислеп атырған болып, оған 200 бала қамтып алынған еди. 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрельдеги «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр мәҳәллелерде социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфраструктуралық жағдайы менен байланыслы маш­қалаларды шешиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 4 миллиард 657 миллион сумнан аслам қаржы есабына «Профиль — Тақыятас» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жаңа 120 орынлы заманагөй мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имараты бой тикледи. Жаңа бақшада усы аймақта жасайтуғын 28 пуқара жумыс пенен тәмийинленди. Бақшаның жазғы ойын майданшалары газон менен қапланған. Онда балалар аўқатланатуғын, ойнайтуғын, жататуғын ханалар, медицина ханасы, музыка залы, сабақ өтиўханасы, кир жуўыў ханасы, футбол майданшасы салынған.

Мағлыўмат орнында, Нөкис қаласында балаларды мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 89 процентти қурайды. Жақын жылларда бул көрсеткишти 100 процентке жеткериў реже­лестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF