Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:29:51, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕГЕЙЛИДЕ ЖАҢА КӘРХАНА ИСКЕ ТҮСТИ

Жаңа жыл байрамы алдынан Кегейли районындағы «Aqtuba textil group» кәрханасының ашылыў мәресими болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Әндижан ўәлаяты ҳәкими Ш.Абдураҳмонов, кәрханада ислеўши ҳаял-қызлар, нураныйлар ҳәм район халқы қатнасты.

Атап өтилгениндей, жойбардың улыўма баҳасы 30 млрд. сум болып, 500 ҳаял-қызды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген. Ҳәзирги күнде жаңа тигиўшилик кәрханасында 393 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленген болып, жойбардың жыллық қуўатлылығы 2,4 млн. дана трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўға мөлшерленген.

Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен Россия Федерациясы менен бир жыллық шәртнама дүзилип, ҳәзирги ўақытта кәрханада ерлер, ҳаяллар ҳәм балалар ки­йимлери сапалы ислеп шығарылмақта.

Жаңа тигиўшилик кәрханасының ашылыўы Кегейли районы тур­ғынлары ушын ҳақый­қый Жаңа жыл саўғасы болды. Ондағы турақлы жумыс пенен тәмийинленген ҳаял-қызлар ра­йон басшыларына өзлериниң терең миннетдаршылығын билдирип өтти.

Ашылыў мәресиминиң жуўмағында қатнасыўшыларға ра­йонлық мәденият бөлими хызметкерлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди. 

С.ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Кегейли районы.

СҮЎРЕТТЕ: жаңа кәрхананың ашылыў мәресиминен көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF