Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:08:04, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӘРБИЯЛАНЫЎШЫЛАРҒА ЖАҢА ЖЫЛ САЎҒАЛАРЫ

Усы жылдың 28-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тақыятас «Балалар үйи»нде болып, жәмәәтти Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм тәрбияланыўшыларға саўғалар тапсырды.

Бул жердеги шырайлы етип безелген Шырша әтирапында шөлкемлестирилген байрам кешесинде балалар тәрепинен таярлан­ған ойынлар қойып берилди. Байрам алдынан балаларға Президентимиздиң саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы «Балалар үйи»ндеги бүгинги жағдайлар, тәрбияланыўшыларға жара­тылған  шараятлар менен танысты. Балалар ҳәмийше Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығында екенлиги атап өтилди. Сонлықтанда олардың келешекте кәмил инсанлар болып ержетиўи ушын бүгиннен баслап тийкар жаратылыўы тийис.

Бул жерде жаратылған шараятлар ҳәм айрықша ғамқорлық ушын жәмәәт атынан миннетдаршылық билдирилди. Ең баслысы, балалардың шадлы күлкилери кешеге өзгеше заўық бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF