Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:38:55, 26.07.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕКИНШИ МӘЎСИМ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Усы жыл 29-декабрь күни Нөкис қаласы 1-санлы  балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Бес баслама олимпиадасы»ның екинши мәўсими Қарақалпақстан Республикасы бас­қышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, «Бес баслама параолимпиадасы» шеңберинде өткерилген  «пара шахмат», «пара шашка», спорттың «пара жеңил атлетика», «пара стол тенниси», «пара киберспорт» ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша жеңимпазларды қутлықлап, оларға саўғалар тапсырды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен өткерилген олимпиада шын мәнисинде шетки аймақлардан ең күшли спортшы, ең талантлы ҳәм билимли жасларды жүзеге шығарыўда әҳмийетли басламаға айланды. «Бес баслама олимпиадасы»ның екинши мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасы бойынша барлық пуқаралар жы­йынларынан 300 мыңнан аслам жаслардың қатнасқанын буның айқын мысалы  сыпатында келтириўимиз мүмкин. Соннан олимпиаданың Өзбекстан Республикасы басқышында қарақалпақстанлы жаслар спорт жарысларында әә алтын, 8 гүмис ҳәм 15 қола медалды қолға киргизди. Буннан тысқары, таңлаўлар бо­йынша жеке ҳәм командалық бағдарларда 5 биринши, 4 екинши ҳәм 10 үшинши орынды қолға киргизди.

Буннан кейин 16-21, 22-26 ҳәм 27-30 жас катего­рияларында ер балалар ҳәм қызлар арасында миллий кураш,  стритворкаут, стол тенниси, волейбол, шахмат, шашка, киберспорт, стритбол, жеңил атлетика спорт жарыслары, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер», миллий ҳәм заманагөй саз әсбаплары, жаслар аяқ ойыны таңлаўлары бойынша  жеңимпазлар да сыйлықланды.

Жеңимпазларға ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF