Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:54:27, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ЖЫЛ АЛДЫНДА 31 ШАҢАРАҚ ТУРАҚ ЖАЙЛЫ БОЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы аўыр турмыс шараятында жасап атырған, майыплығы болған, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм басқада социаллық қорғаўға мүтәж 31 шаңараққа турақ жай имаратының гилтлерин тапсырды.

Нөкис қаласы А.Утепов көшесиндеги көп қабатлы турақ жайдың бүгинги күнде екинши қабаты пуқаралар жасаўы ушын қолайластырылып, қурылыс жумыслары алып барылды. Байрам алдынан жаңа турақ жайдың тапсырылыўы аўыр турмыс машақатларын жеңип өтип, өмирдиң сынаўлы ғалма-ғалы менен жасап атырған қала турғынлары ушын үлкен қуўаныш болды.

Сондай-ақ, усы көп қабатлы турақ жайдың биринши қабатын да социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж, аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың жасаўы ушын қолайластырыў бойынша жумыслар жуўмақланыў алдында тур.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF