Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:45:51, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАЛЎАНЛАРЫМЫЗДЫҢ ТАШКЕНТТЕГИ ТАБЫСЫ

Ташкент қаласындағы Универсал спорт сарайында миллий гүрес бо­йынша ҳәўескер спортшылар арасында «Өзбек палўаны» ҳәм «Прокурор палўаны» жарысларының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.

Оған елимиздиң барлық аймақларынан гүреске қызығыўшы ҳәўескер ер ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты.

«Өзбек палўаны» бойынша өткерилген жарысқа республикамыздан 8 спортшы қатнасты ҳәм олар арасында 63 кг салмақта нөкисли Алтынгүл Утениязова, 90 кг салмақта мойнақлы Руслан Рейпназаровлар 3-орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, «Прокурор палўаны» жарысында болса, 63 кг салмақта Камила Сапарбаева ҳәм 73 кг салмақта Нурлан Жолдасбаевлар барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медальды қолға киргизиўге еристи.

Жарыс соңында жеңимпаз спортшылар дәрежели медаль, диплом ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланды.

Бул спортшыларды жарысқа белгили тренер Жамшид Турабаев таярлады.

Әдилбай ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF