Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:15:14, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЗИЯ КУБОГЫНДА ЖЕҢИСКЕ ЕРИСТИ

16-20-декабрь күнлери Бухара ўәлаятында спорттың «Туран жеке гүреси» бойынша Азия кубоги жарысы болып өтти.

Оған Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Пакистан, Иран мәмлекетлери спортшылары менен бир қатарда қарақалпақстанлы спортшылар да елимиз сайланды командасы қурамында қатнасып қайтты.

Өткерилген Азия кубогында Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларындағы  спорт мектеплери  тәрбияланыўшылары табыслы қатнасып, олар арасында 34 кг салмақта тахтакөпирли спортшы Дилфуза  Пирниязова барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия кубогын қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, 40 кг салмақта қатнасқан қоңыратлы Дилбар Алпысбаева ҳәм тахтакөпирли Азатбек Темирбековлар гүмис медальды қолға киргизиўге еристи.

— 2020-жылдан бери Тахтакөпир спорт мектебинде «Туран жеке гүреси» бойынша тренер   болып ислеймен,  -дейди спортшылардың  тренери  Арзыўбай  Измуратов. — Таярлаған шәкиртлерим арасында Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан, Азия чемпионлары өсип жетилиспекте. Енди Бухарадағы Азия кубогында жеңимпаз болған шәкиртлерим Қазақстан Республикасында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына қатнасады. Несип етсе, бул жарыста да олар өз қарсыласларын жеңип шығатуғынлығына исенемиз.

Әдилбай ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF