Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:35:01, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«БЕЛТАЎ»ДА ИШИМЛИК СУЎ МАШҚАЛАСЫ САПЛАСТЫРЫЛМАҚТА

Усы жылдың 23-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орын­баев Тахтакөпир районы, «Белтаў» аўыл пуқаралар жы­йынында болып, халықты ишимлик суў менен тәми­йинлеў жумысларының барысы менен танысты. 

Атап өтилгениндей, республикамыздың суў жетип барыўы оғада қыйын болған алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суў менен тәмийинлеў, олардың күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын суў жеткерип берилиўин жолға қойыў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығының басламасы менен 9 дана бурғылаўшы техника, яғный, 4 дана «УРБ 25» маркалы ҳәм 6 дана «УРБ 600» маркалы жоқары технологиялы үскене республикамызға алып келинген еди.

Усы жылдың октябрь айында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының басшылығында «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны  аймағында артезиан қудықларын қазыў ҳәм жер асты суўларынан нәтийжели пайдаланыўға арналған семинар өткерилип, аймақ турғынларын  ишимлик суў менен тәмийинлеў жумыслары баслап жиберилди.

Мәлим болғанындай, өткен еки ай ишинде алып барыл­ған жумыслар өзиниң унамлы нәтийжесин берип, тереңлиги 520 метрли артезиан қудықлары қазылып, душшы суў шығарылды. Ҳәзирги ўақытта үш орында қудық көзлери ашылған болып, аймақ турғынлары ушын оғада әҳмийетли болған тиришилик дереги есапланған ишимлик суўы үзликсиз ағып тур ҳәм оннан пайдаланылып келинбекте. Буннан аўыл турғынлары шексиз миннетдар.

Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы капитал оңлаў жумыслары алып барылған 15-санлы мектепте, бир қатар шаңарақларда да болып, олардың шараятлары менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF