Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:02:27, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАЗАҚСТАНДА ЖЕҢИМПАЗ АТАНДЫ

Усы жылдың 14-17-декабрь күнлери Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында спорттың «Өзбек жаўынгерлик өнери»  түринен Азия чемпионаты болып өтип, онда Тахтакөпир районындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебимиз тәрбияланыўшылары мүнәсип түрде қатнасып қайтты.

Дүньяның он мәмлекетинен күшли спортшылар қатнасқан  жарыста 58 кг салмақта Нийетбай Сейилханов биринши, 48 кг салмақта Жәнибек Сулайманов екинши, 30 кг салмақта Қасым  Орынбасаров үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, ересек жастағы спортшылар арасында өткерилген жарыста болса, усы спортшылардың тренери Улдәўлет Өтемисова барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы болды.

Әдилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF