Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:40:17, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУД СИСТЕМАСЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ УШЫН

Бәршемизге мәлим, Президентимиздиң парламентке ҳәм халқымызға Мүрәжаты кейинги ўақытлары дәстүрге айланып, усы жылғы Мүрәжаты бесиншиси есапланады.

Соны атап өтиў орынлы, алдынғы жылларда Президент Мүрәжаты парламентке жолланатуғын болса, бы­йылғы Мүрәжаты парламентке ҳәм Өзбекстан халқына қаратылғаны менен ажыралып турады.

Бул Өзбекстан Республикасы Конс­титуциясының 93-статьясындағы Президент ўәкилликлериниң бири болып табылады ҳәм мәмлекетимиз алдында турған келеси жылдағы сиясий, социаллық, гуманитар ҳәм басқа тараўларда алып барылатуғын тийкарғы ўазыйпаларын сәўлелендиреди.

Президент келеси 2023-жылды «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атаўды усыныс етти ҳәм мақулланды.

Мүрәжатта 2023-жылдағы мәмлекетлик сиясаттың 6 әҳмийетли ўазыйпалары белгилеп берилип, солардың бири — «Инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў» мәмлекеттиң конститу­циялық миннетлемеси сыпатында белгиленди.

Соңғы жылларда суд-ҳуқық тараўында әдалат орнатыў бойынша көп жумыслар исленгени, соның менен бирге, ҳәзир де тергеў сапасының төмен екени, судларда адамлардың әўерешилиги, суд қарарларының орынланбай қалып атырғанлығы менен байланыслы жағдайлар ушырасып атырғанына тоқталды.

Мәмлекет есабынан бийпул тәми­йинленетуғын адвокатларды «элек­трон таңлаў» системасы тез күнлерде толық иске түсирилиўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.

Сондай-ақ, қысқа мүддетлерде ҳуқық қорғаў уйымларын жаңаша ислеўге үйрететуғын, әдил судлаў системасы жаратылатуғынын, бул ең дәслеп адамлардың судпа-суд әўере болып жүриўиниң алдын алыўға хызмет ететуғынын билдирди.

Жаңа система шеңберинде, тинтиў өткериў, телефон арқалы сөйлесиўлерди тыңлаў ҳәм мүлкти хатлаўға санкция бериў ҳуқықы прокуратурадан суд­қа өткериледи. Тергеўши жынаятқа байланысы бар деп, ҳәр қандай мүлкти хатлап қоя алмайды. Буннан былай, мүлк ҳуқықын шеклеўге байланыслы ҳәр қандай ҳәрекет тек суд арқалы болады. Судта ислерди көриўде қатнасатуғын прокурорлар корпусы шөлкемлестириледи. Олар арнаўлы оқытылып, исти көриўде қалыс, ғәрезсиз болыўы нызам менен белгиленеди.

Сондай-ақ, әдил судлаўды тәмийинлеўде қорғаўшыға берилген ҳуқықлар да қайта көрип шығылып, жетпейтуғын ўәкилликлер бериледи. Судларға жынаят иси тек айыплаў жуўмағы менен емес, ал, қорғаў пикири менен бирге қабыл етиледи. Айыпланыўшының қорғаўшыдан бас тартыўы бойынша ҳәр бир жағдай прокурор, суд тәрепинен терең үйренилетуғын система енгизиледи.

Президент соңғы ўақытлары айырым услап турыў орынларында инсан ҳуқықларының бузылыўы бойынша мәселелер көтерилип атырғанлығын атап өтти.

«Бизиң елимизде бундай жағдайлар улыўма болыўы мүмкин емес. Ким буған әмел етпесе, нызам үстин, жаза тайын болады», - деди мәмлекет басшысы. Сонлықтан, бундай орынларға алып келинген барлық шахсларды есап­қа алыўдың онлайн системасы енгизиледи ҳәм жүзди танып алыў үскенеси орнатылады.

Ҳәкимшилик судларына қарардан наразы болып мүрәжат етилгенде, ислерди экстерриториал тәртипте, яғный, басқа аймақта да көриў әме­лияты енгизиледи.

Өзбекстанда мүлк ҳуқықы ҳәм инвестицияның қорғалыўын күшейтиў мақсетинде Халықаралық саўда судын шөлкемлестириў бойынша да әмелий жумыслар баслап жиберилгени атап өтилди.

Мүрәжатта көтерилген ҳәр бир мәселе айрықша қадағалаўға алынып, оның ис жүзинде әмелге асырылыўы халқымыздың тынышлығы, абаданлығы ҳәм ийгилигине хызмет етиўи сөзсиз.

 

И.АЛЛАНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Хожели районы судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF