Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:35:38, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

М.ЕРНИЯЗОВТЫҢ ХАЛЫҚ УШЫН ИСЛЕГЕН МИЙНЕТИ ЕСКЕ АЛЫНДЫ

Усы жыл 22-декабрь күни Нөкисте белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовтың туўылғанының 75 жыллығына бағышлан­ған  еслеў кешеси болып өтти.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп «Шорша» қойымшылығындағы оның қәбирин зыяратлады ҳәм атына Қуран аятлары оқылды.

Еслеў кешесинде М.Ерниязовтың өмир жолына арналған ҳүжжетли фильм тамаша етилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.Ғаниев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, М.Ерния­зовтың елимизди, соның ишинде Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў, өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының дослығын  беккемлеў жолындағы пидәкерлик мийнетине, жәмийетлик ҳәм сиясий хызмети менен елимиздиң раўажланыўына қосқан айрықша үлесине тоқтап өтти.

Усы хызметлерин есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң усы жыл 2-декабрьде «Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовтың туўылғанының 75 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы тастыйықланды. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар жумыслар алып барылды.

Ҳақыйқатында да, Муса Тажетдинович Ерниязов дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, руўхый пазыйлетлери, Ўатанымызға болған шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың жүрек төринен терең орын алған уллы инсан еди. Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын экономикалық-социаллық раўажландырыў, Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Муса Ерниязов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары сыпатында ғәрезсизлигимизди беккемлеў, елимизде парламентаризм системасын раўажландырыў жумысларына үлкен үлес қосты, социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўымыз ушын зәрүр бол­ған әҳмийетли нызамларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў жолында айрықша белсендилик көрсетти.

Оның мәмлекетимиз ҳәм халқымыз алдындағы үлкен хызметлери ылайықлы баҳаланды. Ол «Меҳнат шуҳрати» ҳәм «Фидокорона хизматлари учун» орденлери, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен қурылысшы» ҳәм «Өзбекстан Қаҳарманы» сыяқлы жоқары дәрежели атақлар менен сыйлықланған еди.

— Қарақалпақ жеринде, Арал апатшылығы жүз берген үлкеде жасап мийнет етиў — бул ҳақыйқый ерлик. Муса Ерниязов әне, усындай қаҳарман халықтың қаҳарман басшысы еди,-деген еди Президентимиз оның менен хошласыў мәресиминде. — Ол 18 жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы деп аталатуғын оғада жуўапкершиликли ҳәм абырайлы ўазыйпада нәтийжели жумыс алып барғаны буны айқын дәлиллейди.

Илажда шығып сөйлегенлер Муса Ерниязовтың ел-журт мәпи жолындағы көп қырлы жумысы, адамларға ислеген жақсылықларын еске алды. Әлбетте, халқымыздың уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, кеңпейил ҳәм пидайы инсан Муса Ерниязовтың жарқын естелиги ҳеш қашан умытылмайды.

Еслеў кешесине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF