Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:32:32, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚЫТАЙ ДЕЛЕГАЦИЯСЫН ҚАБЫЛЛАЎ

Усы жыл 22-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесинде  Қытай Халық Республикасының «Korporaciya Aral Sanbao» ЖШЖ түриндеги сырт ел кәрханасының  директоры Канг Литианды қабыллаў мәресими болды.

Қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың раўажланыў потенциалы, инвесторлар ушын экономикалық ҳәм санаат зоналарында жаратылған жеңилликлерге тоқтап өтти.

Сөйлесиўлер даўамында артемия фермасын шөлкемлестириў, ҳәр қыйлы ишимлик суўларын ислеп шығарыў сыяқлы жойбарлар, сондай-ақ, «Korporaciya Aral Sanbao» кәрханасы менен келеси бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери сөз етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF