Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:14:11, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘНАЎИЯТШЫЛАР ЗАМАНАГӨЙ ИМАРАТЛАРЫНА ИЙЕ БОЛДЫ АҚМАҢҒЫТ.

«Егер жәмийет турмысының денеси экономика болса, оның жаны ҳәм руўхы мәнаўият болады. Бизлер жаңа Өзбекстанды қурыўға қарар еткен екенбиз, еки беккем таянышқа сүйенемиз.

Бириншиси — базар прин­циплерине тийкарланған күшли экономика. Екиншиси — бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларына тийкарланған күшли мәнаўият»,-деген еди Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.Мирзиёев.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-марттағы ПҚ-5040-санлы қарарына тийкар, 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасында 16 Руўхый-ағартыўшылық дәргайларын қурып пайдала­ныўға тапсырыў белгиленип,  өткен жылдан баслап усы имаратлардың қурылысы баслап жиберилген еди.

Кеше Нөкис районлық Руўхый-ағартыўшылық орайының қурылыс жумыслары жуўмақланып, салтанатлы түрде ашылыў мәресими болып өтти.

Ашылыў мәресиминде  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, район ҳәкими О.Уснатдинов,  Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Бул дәргай Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлиминиң баслығы ҳәм қәнигелериниң жумыс кабинети, мәжилислер залы, китапхана, қол өнери ҳәм сүўретлеў өнери менен шуғылланыўшылар ушын арналған арнаўлы бөлмелерден ибарат болып, онда аймақ халқы ҳәм жаслары орайда жаратылған имканиятлардан пайдаланып, өзлериниң руўхый дүньясын байытыў мүмкиншилигине ийе.

— Мен усы аймақта жасайман, - дейди бизге илаж қатнасыўшыларының бири Айнура Рашидова. — Мине, бүгин бизлер өз досларымыз бенен бирге бул орайдың ашылыўына қатнасып, ондағы оқыўшылар ушын жаратылған имканиятлар менен таныстық. Өзим сүўретлеў өнерине қызыққанлықтан усы жерде ашылатуғын сүўрет салыў дөгерегине қатнаспақшыман. Бизлерге жаратылып атырған бундай қолайлылықлар ушын басшыларымызға шексиз рахмет айтамыз...

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, 1977-жылдан 2000-жылларға шекем кинотеатр сыпатында халыққа хызмет көрсеткен бул имарат, соңғы жыллары қараўсыз қалғанлықтан оғада аянышлы аўҳалға түсип қалған еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң жоқарыда атап өтилген қарарын басшылыққа алған район ҳәкимлиги жергиликли бюджеттен 1 млрд. 638 млн. сум қаржы ажыратып, «Нурполат Глобальстрой» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тийисли көрсетпеси тийкарында керекли инвентарьлар менен толық тәмийинленди. Келешекте бул имарат район хал­қының, әсиресе, өсип кия­тырған жас әўладтың руўхыйлық ошағына айланып, район көлеминдеги руўхый-ағартыўшылық жумыслардың тәсиршеңлигин және де артты­рыўға хызмет етеди.

Әдилбай ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

 

ТАҚЫЯТАС.

Усы жыл 19-декабрь күни Тақыятас районында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орын­басары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында руўхый-ағартыўшылық жумыслары системасын түпкиликли жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде аймақлар орайында үлги жойбар тийкарында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайларын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилген еди. Усы тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында бүгинги күнде бир қанша жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Илаж қатнасыўшылары руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында жаратылған шараятлар менен танысып, бундай имканиятлардың тараўды раўажландырыўдағы әҳмийетине, дөретиўши жаслардың тәжирийбе алмасыў орны сыпатында хызмет атқаратуғынлығы атап өтилди.

***

Усындай заманагөй қурып питкерилген руўхый ағартыўшылық орайы имаратының ашылыў салтанаты Мойнақ районында да болып, оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасты ҳәм жыйналғанларды жаңа еки қабатлы имараттың ашылыўы менен қутлықлап, бул жерде жаратылған имканиятларға жоқары баҳа берди. 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF