ҚАЗАҚ МИЛЛИЙ МӘДЕНИЙ ОРАЙЫНЫҢ БАСЛЫҒЫ САЙЛАНДЫ
Нөкистеги «Дослық үйи»нде Қарақалпақстан Қазақ миллий мәдений орайы тәрепинен республикамыздың қала ҳәм районларынан делегация ағзалары, министрликлерден бақлаўшы ўәкиллер қатнасыўында есап бериў-сайлаў мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте орай тәрепинен 2018-2022-жылларда әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат тыңланып, миллий мәдений орайдың баслығын ҳәм басқарыў уйымы ағзаларын сайлаў мәселелери көрип шығылды.
Күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша Қазақ миллий мәдений орайының әмелдеги баслығы Жанжайхан Дарменов баянат жасады.
Атап өтилгениндей, қазақ миллий мәдений орайы елимизде социаллық турақлылықты тәмийинлеў, пуқаралық жәмийетти қәлиплестириў, қазақ миллети ўәкиллериниң белсендилигин арттырыўға мүнәсип үлес қосып келмекте. Елимизде жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң арасында кеңпейилликти, аўызбиршиликти күшейтиў, қазақ халқының өзине тән руўхый мийрасы, мәденияты, үрп-әдетлери, дәстүрлери, тили, тарийхы ҳәм өзлигин сақлаў, жас әўладқа жеткериў мақсетинде 1992-жылдан берли Қарақалпақстан Қазақ миллий мәдений орайы жумыс алып бармақта. Быйыл Қазақ миллий мәдений орайының шөлкемлестирилгенине 30 жыл толды. Бул сәне республикамызда кең түрде белгиленбекте.
Есап илаж қатнасыўшылары тәрепинен бир аўыздан қанаатландырарлы деп табылды.
Буннан соң күн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша орай баслығы лаўазымына талабанлығын усынған И.Джиенгалиев ҳәм А.Үмбетаевлардың бағдарламалары тыңланып, ашық даўыс бериў жолы менен Асқар Үмбетаев қазақ миллий мәдений орайы баслығы лаўазымына сайланды. Буннан соң 15 адамнан ибарат орайдың басқарыў уйымы ағзаларын сайлаў әмелге асырылды.
Илажда орайдың Уставы ҳәм структурасы, 2022-жылдағы жумысы бағдарламасының («Жол картасы») жойбарларына қосымшалар киргизиў бойынша қатнасыўшылар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди. Сондай-ақ, миллий орайдың есап бериў-сайлаў мәжилисине делегатлар сайланды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
— Өткен 8 жыл ишинде орайдың алдынғы баслығы Жанжайхан Дәрменов тәрепинен Өзбекстанда татыўлықты беккемлеў бойынша алып барылған жумыслар әмелге асырылды. Районымызда концертлер, илимий-теориялық илажлар шөлкемлестирип, кейинги әўладқа қазақ миллий мәдениятын, салт-дәстүрин қәстерлеп сақлаў бағдарында жумыслар алып барды,-дейди Қоңырат районы 4-санлы мектептиң директоры Жеткизген Сәрсенбаев. — Районлардан келген делегатлар Ж.Дәрменов ҳаққында жақсы пикирлерин билдирди. Бирақ, ҳуқықый нормалар бойынша орайға бир талабан 2 мәртеден артық сайланыў ҳуқықына ийе емес екен. Сол себепли мәжилисте А.Үмбетаев ашық даўыс бериў жолы менен сайланды. Оның бағдарламасын мақул көрдик ҳәм усы талабанға даўыс бердик.
— Орайдың алдынғы баслығы 8 жыл ишинде Президентимиз тәрепинен жаратылған имканиятларынан мақсетли пайдаланып, қазақтың умытылып баратырған үрп-әдетлерин қайта тиклеў, ел арасынан жаңа өнер ийелерин таўып, оларды жарыққа шығарыўда үлкен хызмет атқарды, - дейди Тахтакөпир районынан делегат Еркебулан Қолқанатов. — Келешекте алдымызға қойған мақсетлеримиз көп. Сол мақсетлерге ерисиўде қазақ миллий мәдений орайының ўәкиллери менен бирге ислесип, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.