ЖӘҲӘН ЧЕМПИОНЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институты Нөкис филиалында спорттың дзюдо түри бойынша Олимпиада, Азия ҳәм жәҳән чемпионаты жеңимпазлары Абдулла Тангриев ҳәм Ришод Собиров пенен ушырасыў өткерилди. Илажда басқа филиаллардың хызметкерлери ҳәм тәжирийбе арттырыў курсларының тыңлаўшылары онлайн түрде қатнасты.
Илажда мийманлардың спорттағы жетискенликлери ҳәм өмир жолы ҳаққында филиал директоры Қуўанышбай Мамутов мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, «Ўзбекистон ифтихори» атағын алған А.Тангриев 2005, 2007, 2008, 2011-жыллары төрт мәрте Азия чемпионы болған болса, 2003, 2005, 2009-жыллары жәҳән чемпионатларында бронза медалын жеңип алды. Гүрес бойынша да жәҳән чемпионы, «Пекин — 2008» жазғы олимпиада ойынларының гүмис медалы ийеси. Россия Федерациясының Тюмень қаласында өткерилген жәҳән чемпионатында ең жоқары нәтийжени қолға киргизип, жәҳән чемпионы атанды. Ал, Р.Собиров 2 мәрте жәҳән чемпионы, 3 мәрте Олимпиада ойынларының бронза медалы ийеси. Дзюдошы дәслепки халықаралық жеңисин 2006-жылы қолға киргизген. Усындай жетискенликлери ушын оған «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен спортшы», «Халықаралық дәрежедеги спорт шебери», «Ўзбекистон ифтихори» атақлары, «Эл-юрт ҳурмати» ордени берилди.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына cпортшылардан жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.