Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:01:21, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮШИНШИ БАСҚЫШ НЎТИЙЖЕЛЕРИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы  қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-сентябрьдеги «Қәбилетли оқыўшылар арасында пән олимпиадаларын өткериў системасын жетилистириў ҳәм шет тиллерин оқытыў бо­йынша ең жақсы мектепти анықлаў системасын енгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. 

Аталған қарардың биринши қосымшасына муўапық, улыўма орта билим бериў мәкемелери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер мектеплери оқыўшылары арасында  пән олимпиадаларын шөлкемлестириў, өткериў, халықаралық олимпиада қатнасыўшыларын таңлап алыў ҳәм жеңимпазларды хошаметлеў тәртиби ҳақындағы Режеси қабыл етилген. Усы Режеге муўапық, мектеп оқыўшылары арасында улыўма билим бериў пәнлери бойынша олимпиадалар 9-10-11-класс оқыўшылары арасында биринши топар пәнлери: математика, физика, химия, биология, информатика ҳәм хабар технологиялары; екинши топар пәнлери: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, өзбек тили ҳәм әдебияты, өзбек тили (мәмлекетлик тил), рус тили ҳәм әдебияты, инглис тили, немец тили, француз тили, қазақ тили, тарийх, география пәнлеринен өткерилиўи белгиленген. Сондай-ақ, тийкар­ғы олимпиадаға қосымша жергиликли бюджет есабынан оқыў қарақалпақ тилинен басқа өзбек, рус, қазақ ҳәм түркмен класслары ушын қарақалпақ тили (мәмлекетлик) пәнинен олимпиада өткериледи.

2022-2023-оқыў жылында тийкарғы олимпиаданың биринши (мектеп) бас­қышы сентябрь айында, район(қала)лық басқышы 2022-жылдың 12-16-октябрь күнлери аралығында өткерилди.

Олимпиаданың биринши басқышына улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класынан 31148, 10-класынан 28319, 11-класынан 26348 оқыўшы, жәми 85651 оқыўшы қатнасып, соннан 9-класстан 8950, 10-класс­тан 8049, 11-класстан 7564 оқыўшы, жәми 24563 оқыўшы жеңимпаз болды.

2022-жылдың 12-16-октябрь күнлери аралығында өткерилген екинши район(қала)лық басқышына 9-класс­лардан 7223, 10-класслардан 6950, 11-класслардан 7312 оқыўшы, жәми 21485 оқыўшы қатнасып, соннан 9-класстан 996, 10-класстан 1063, 11-класс­тан 1006 оқыўшы, жәми 3065 оқыўшы жеңимпаз болды.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң 2022-жыл 21-октябрьдеги «2022-2023-оқыў жылында улыўма орта билим бериў пәнлери бойынша тийкарғы олимпиаданың III басқышын ҳәм халықаралық олимпиадаларда қатнасатуғын Өзбекстан сайланды командасын таңлап алыўдың биринши басқышын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы буйрығы тийкарында биринши топар пәнлери бойынша тийкарғы олимпиада 2022-жылдың 3-9-ноябрь күнлери аралығында Нөкис қаласындағы 24-санлы улыўма орта билим бериў мектеби базасында өткерилди. Бунда 9-класслардан 416, 10-класслардан 443, 11-класслардан 409 оқыўшы, жәми 1268 оқыўшы қатнасып, соннан ҳәр бир класстан l5 жеңимпаздан жәми 45 оқыўшы жеңимпаз болды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң «2021-2022-оқыў жылында екинши топар пәнлери бойынша пән олим­пиадасының III бас­қышын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳақ­қында»ғы 2022-жыл 27-январьдағы буйры­ғы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў минис­триниң 2022-жыл 4-февральдағы 21-санлы буйрығы қабыл етилди. Буйрық тийкарында екинши топар пән­лери бойынша тий­карғы олимпиаданың III басқышы 2022-жылдың 29-30-ноябрь ҳәм 1-декабрь күнлери аралығында өткерилди. Бунда 11 пән бағдары бойынша (қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, өзбек тили ҳәм әдебияты, қарақалпақ тили (мәмлекетлик) 9-класслардан 548, 10-класслардан 587, 11-класслардан 586 оқыўшыдан жәми 1721 оқыўшы қатнасып, соннан ҳәр бир класстан 9 жеңимпаздан жәми 99 оқыўшы жеңимпаз болды.

Биринши орынды ийелеген оқыўшыларға базалық есаплаў муғдарының 6 есеси муғдарында  — 1 800 000 сум, екинши орынды ийелеген оқыўшыларға  базалық есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарында — 1 200 000 сум, үшинши орынды ийелеген оқыўшыларға базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында — 900 000 сумлық бир мәртелик ақшалай сыйлығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлигиниң дипломы, жеңимпаз бол­ған оқыўшылардың муғаллимлерине Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ, 

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: өткерилген пән олимпиадасынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF