Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:34:22, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕЛ АҒАСЫ

Муса Ерниязов 1947-жыл 20-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында туўылды. Орта мектепти тамамлап, 1971-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтын, 1986-жылы Ташкент Жоқары партия мектебин тамамлады.

Мийнет жолын қурылыс инженери лаўазымынан баслап, соңынан Қарақалпақстан Республикасының Министрлер Кеңесинде үлкен референт, басқарма баслығы, ислер басқарыўшысы болып иследи.

1983-1989-жыллары Қарақалпақстан Республикасы турақ жай коммуналлық хожалығы минис­три, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — Мәмлекетлик мүлкти басқарыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик комитетиниң баслығы, Шымбай районы ҳәкими лаўазымларында нәтийжели жумыс иследи.

2002-жылдан өмириниң ақырына шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы — Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары лаўазымында иследи.

Муса Тажетдинович Ерниязов дерлик 50 жыллық мийнет жолы даўамында өзиниң үлкен басшылық потенциалы, бай билим ҳәм тәжирийбеси, инсаныйлық пазыйлетлери, Ўатанымызға шексиз муҳаббаты ҳәм садықлығы менен ҳақылы түрде халқымыздың жүрек төринен терең орын алған уллы инсан еди.

Оның тиккелей басшылығында Қарақалпақстан Республикасын экономикалық-социаллық раўажландырыў, Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша кең көлемли дөретиўшилик ҳәм абаданшылық жумыслары әмелге асырылды.

Қарақалпақстанда кейинги жыллары жүз берген барлық үлкен өзгерислер Муса Тажетдинович Ерниязовтың аты ҳәм әмелий жумысы менен тығыз байланыслы.

Ол қарақалпақ елиниң ҳақыйқый жетекшиси сыпатында бәрқулла халықтың тәшўишлери менен жасады. Әсиресе, кексе әўлад ўәкиллери, меҳрийбан апа-сиңлилеримиз, әзиз жасларымыздың турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, олардың мүнәсип келешегин тәмийинлеў жолында ҳақыйқый жанкүйерлик көрсетип шын кеўилден хызмет етти.

Муса Тәжетдинович Ерниязов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары сыпатында ғәрезсизлигимизди беккемлеў, мәмлекетимизде парламентаризм системасын раўажландырыў жумысына салмақлы үлес қосты, социаллық-экономикалық раўажланыўымыз ушын зәрүр болған әҳмийетли нызамларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў жолында белсендилик көрсетти.

Муса Тәжетдинович Ерниязовтың мәмлекетимиз ҳәм хал­қымыз алдындағы үлкен хызметлери мүнәсип баҳаланды. Ол «Меҳнат шуҳрати» ҳәм «Фидокорона хизматлари учун» орденлери, «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен қурылысшы» атағына ийе.

***

Биз өткен күнлерди тарийх деп атаймыз. Ататуғын таңлар — келешек дереги, жаңа өмир жоллары. Инсан дүньяға келип, тарийхты да, келешекти де өз өмир жолларында терең аңлайды.

Ким едик, әўладларымыз ким болған, бул жерлер ел болғанша усы үлке қушағында қанша таң атып, қанша күн батқан, жыллар ҳәм жоллар ҳәр бир инсанға өз тәғдир жолларын таўып алыўына имканият береди.

Қарақалпақстан жери де Өзбекстанның бир бөлеги болып, тарийхы ҳәм келешеги уқсас, арзыў мақсетлери бир, тарийхта да, келешек күнлерде де өмир деп аталмыш үлкен кәрўанда бир жолда кетип баратырған бир-бирине садық, дос, кеңпейил бийтәкирар халық.

Мен жоқарыда усы эссе арқалы сөз болмақшы болған қарақалпақ елиниң ағасы, ярым әсирден көбирек Қарақалпақстанның мәмлекетлик уйымларында ҳәр қыйлы лаўазымларда жумыс ислеген, жигирма жылға шамалас Қарақалпақстанға басшылық еткен Муса Тәжетдинович Ерниязовтың сөзлерин келтирип өттим. Ол өз ели ҳаққында айтқанда мине, усы сөзлерди көп тәкирарлайтуғын еди.

Ҳәр қандай жағдайда да ол қарақалпақ халқының турмысын жақсылаў, Қарақалпақстанды және де раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, ҳәр бир инсанның тыныш ҳәм татыў, кемшиликсиз жасаўы жолында барлық имканиятлардан пайдаланатуғын еди.

Ол Қарақалпақстанның турмысын пүткиллей жаңалады. Пайтахтымыз Нөкистиң көшелеринен бир өткен адам бул қала қарақалпақ хал­қының айдын келешегине үлкен жол екенлигин, әлбетте, түсинип жетеди.

Мәмлекетимиз басшысы Муса Ерниязовты жүдә қәдирлейтуғын еди. Олардың аға-инилик дослығы себепли ҳүрметли Президентимиз қарақалпақ халқының досты, ғамқоры болып келмекте. Ҳүрметли Президентимиз Ш.МирзиҢев тәрепинен Қарақалпақстан бойынша қабыл етилген ҳәр бир пәрман, қарар ямаса бағдарлама болсын М.Ерниязовқа беккем сүйениш, әмелге асырылатуғын жумысларға ашылған жол, үлкен қолланба болып хызмет етти.

Қарақалпақстанда ең қалақ тараў аўыл хожалығы гүркиреп раўажланды, ҳеш қандай кәрханасы жоқ елимиз үлкен санаат майданына айланды. Ири завод ҳәм фабрикалардың жумысы, инвестициялардың кирип келиўи себепли ашылған, жер асты ҳәм жер үсти байлықларының хал­қымыздың турмыс абаданлығы ушын хызмет етип атырғанлығы ҳақыйқат.

Арал қурып елимиз экологиясының бузылыўы ақыбетлери, бул кризислердиң алдын алыў, Үстирт, Мойнақтың турмысын жаңалаўда М.Ерниязов мәмлекет басшысына ийинлес болып пүткил дүньяның дыққатын Арал кризиси ақыбетлерин сапластырыўға қаратты.

Бүгинги күнде тек Мойнақтағы үлкен жаңаланыўлар тек ғана ўатанласларымызды емес, ал, пүткил дүнья халқын таң қалдырады. Қарақалпақ көркем өнери жәҳән сахналарына шықты. Жаңа опералар, көркем фильмлер дөретилди.

Қарақалпақ халқы тарийхының жаңа бетлерин излеў, жаңалаў, усы елдиң тарийхый қаҳарманларын излеп табыў сыяқлы уллы жумысларға басшылық етти.

***

Мен мийнет жолым даўамында көп басшылардың жумыс усылы, ел басқарыўындағы шөлкемлестириўшилик жумысларын көргенмен.

Жоқарғы Кеңеске Д.Шамшетов, С.Ниетуллаев, У.Әширбеков, Т.Камалов, Министрлер Кеңесине А.Тажиев, С.Авезматов, Р.Йўлдашев, Б.ЖуманиҢзовлар басшылық етти. Олардың да ҳәр қыйлы көзқараслары, өз басқарыў усыллары ел-халыққа деген иззет ҳүрмети айрықша еди, әлбетте.

Кейинги 4 шақырықта мен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде депутат едим. Көбирек М.Ерниязовтың басшылығын, халыққа аталарша ғамқорлығын, пүткил кеўили ҳәм ақылы менен абаданластырыў идеялары оның өмир мазмуны, арзыў-мақсетлериниң бас буўыны болғанының гүўасыман.

Мен «Жаңаланған қарақалпақ үлкем» дәстанын жаздым. Бул дәстан М.Ерниязовтың өмир ҳәм мийнет жолына бағышланған еди. Муса аға оны оқып шықты, көзлерине жас алды.

Себеби, Қарақалпақстанда М.Ерниязовтың қәдеми тиймеген аймақ жоқ еди.

Усындай үлкен аралықтағы мәканлар, шопанлар жайлаўы, таўлар, Арал таслап кеткен Арал қум қушағы, Үстирт кеңисликлери. Әсиресе, бул еске алыўларда пайтахтымыз Нөкис қаласына тоқтап өт­пекшимен.

Пәскелтек, унырап кеткен үйлер, тар, қыйсық, қыста ылай, жазда шаң көшелер...

Тәртипсиз базар, бийтәртип қурылған ҳәр қыйлы имаратлар...

Егер ҳәзир бул сүўретлерди көрген адам Қарақалпақстан пайтахты усындай жағдайда болғанына исенбейди.

М.Ерниязов кәсиби қурылысшы болғанлығы себепли бәрқулла жойбарлаў, қурылыс жумыслары ҳаққында ойлайтуғын еди. Сол жыллары ол Шымбай районы ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымларында ислейтуғын еди.

Сол жыллары да М.Ерниязов Мәмлекетимиз басшысы менен жүдә жақын бирге ислескен. Ш.МирзиҢев Өзбекстан ҳүкиметин басқарған жыллары да, Президентлик лаўазымында жумыс баслағанда да Қарақалпақстанды бәрқулла биринши орынға қойып, дыққат-итибар қаратты. Оның Қарақалпақстан халқының бахыт-ығбалы, абадан турмысы ушын алып барған барлық жумысларының баслаўшысы М.Ерниязов еди.

Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстан ҳаққындағы    «... Мен тек ғана өзбек хал­қының емес, ал, қарақалпақ халқының да перзентимен.

... Ата-бабалардың зыярат орнына ҳәмийше садықлық көрсетип жасап атырған мәрт ҳәм жигерли қарақалпақ елиниң беккем ерк-ықрарына тән берип, бундай халық пенен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.

... Мойнақтағы өзгерислерди, сизлердиң көзлериңиздеги разылықты көрип жүдә қуўанышлыман. Бул — узақ-узақ аймақларға барып ислеп атырған жумысларымыздың нәтийжеси. Егер кимдур бизиң реформаларымызға гүманланатуғын болса, Мойнаққа келип көрсин». деп бундай исенимли атап өтиўи М.Ерниязовқа үлкен руўхый күш ҳәм мәртлик бағышлайтуғын еди.

Муса аға ойлайтуғын еди:

Қумлар менен бирге жанып, дәрья менен аққан ел,

Қызылқумның шаңы менен, дүньяларға баққан ел.

Бүгин ҳасла умытпағай, аўыр күнлер артта қалар,

Тарийхтың ҳәр бети, мың жылларды арқалар.

***

Ҳақыйқатында да ғәрезсизлик жыллары Қарақалпақстан кеңликлеринде өткен ўақыт үлкен апатшылықлар, шығынлар, изленислер, қыйыншылықлар жолы еди.

2000-жылдың басларында Қарақалпақстанда жүдә аўыр қурғақшылық болды. Жәзийрама ыссы тасты, қумды, егислик жерлерди күйдирди. Әмиўдәрьяның суўы қайтты. Теңиз және көбирек шегинди. Сондай қыйын жылда да М.Ерниязовтың халықшыл, ел сүйгиш сиясаты, елине болған меҳири халық пенен бирге бул қыйыншылықларды жеңип өтиўге күш берди. Сол жылы да пахта, ғәлле, палыз егинлеринен мол өним алынды. Жайлаўларда көмилип қалған жүзлеген қудықлардың көзи ашылып, шопанлар қойшылық тараўын жайлаўларда агротехника қағыйдалары тийкарында избе-из алып берди.

***

Тәбияттың сондай қыйын демлеринде де М.Ерниязов пайтахт ҳаққында көп ойлайтуғын еди.

Қала арасынан ағып өтиўши үлкен канал жыллар даўамында «Қызкеткен» деп аталып келген. Муса аға канал бойларында жаңа турмыс ағымын сезинди. Оның әтирапы абат болса, бағ, парклер, дем алыў орынлары ашылып, балалар ушын ҳәр қыйлы ойын майданшалары қурылса...

Каналға бул атама жараспайды «Дослық» каналы деп атаў керек, деп ойлады. Басшының бул усынысын Өзбекстан Ҳүкимети басшысы да қоллап-қуўатлады. Бүгин «Дослық» каналының бойлары ҳақыйқый дослық, туўыс­қанлық мәканына айланған. Еки жағасындағы үлги турақ жайлар, фонтанлар, Жаслар орайы, Бердақ атындағы академиялық музыкалы театры канал жағаларына жүзикке қас қойғандай жарасып тур.

М.Ерниязов Нөкисте жаслар ушын үлкен бағ-парк қурыў ҳаққында да ойлады. «Квадрат» деп аталыўшы тасландыларға толып кеткен көл бойында «Истиқлол» дем алыў паркин қурды. Ишинде китапханалар, спорт заллары, концерт заллары, суўда қайықлар менен сейил етиў...

Усы парктиң дәрўазасынан кирген адам, әлбетте, Муса ағаның үлкен мийнетлерин миннетдаршылық пенен еслейди.

Муса аға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси имаратын, жанында болса үлкен мәжилислер залын, үш корпустан ибарат Савицкий музейи имаратын, Жас тамашагөйлер театры, «Самсунг» бренди менен телевизорлар ислеп шығарыўшы кәрхана, Қоңырат сода заводы, Үстирт­те газди қайта ислеўши кәрхана... Бул дизимди узақ даўам еттириў мүмкин.

Қарақалпақстан санааты қандай жетискенликлерге ерискен болса ҳәммесинде М.Ерниязовтың пидәкерлик мийнети бар.

Тек ғана Мойнақ ушын 75 жойбар иске қосылды. М.Ерниязов Қарақалпақстанның жер асты, жер үсти байлықлары келешекте усы елдиң бахты, абаданлығы артыўы ушын хызмет ететуғынына исенетуғын еди.

«Тебин булақ» кәни, Цемент заводлары, жаңа суў сақлағышлар М.Ерниязовтың ең үлкен арзыў-мақсетлеринен бири еди.

***

Инсанның өз ели, өз халқы, өз миллети ҳәм оның келешеги жолында ислеген ислери ҳасла умытылмайды. Тек ғана умытылмай қалмастан, қәдирленеди, есленеди.

2019-жылдың гүзи, Ғәрезсизлик байрамы алдында мәмлекетимиз басшысының шығарған Пәрманы қарақалпақ халқын қуўандырды. М.Т.Ерниязовтың көксине Өзбекстан Қаҳарманы ҳәм Алтын жулдызды тағып, Муса ағаның жигерлилиги, пидайылығы, уллы адамгершилигин де атап өткен еди. Бул қарақалпақ халқына да берилген жоқары сыйлық еди.

Жер үстинде жаратылған барлық дөретиўшилик ислери жаңа әўладты өзиниң сулыў көриниси менен тәрбиялайды. Жаслар жаңа қарақалпақ тарийхын үйренгенинде бул әййемги  елди жаңалап, гүллендирип кеткен М.Ерниязов екенлигин билип алады. Демек, М.Ерниязовтың ҳәр бир мийнети келешек әўлад ушын үлкен өмир ҳәм тәжирийбе мектеби болып есапланады.

Қарақалпақ халқының ҳақыйқый қаҳарманы М.Ерниязовтың жарқын естелиги халқымыздың қәлбинде мәңги жасайды.

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

«Қорақалпоқ адабиёти» газетасының Бас редакторы, Олий Мажлис Сенатының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF