Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:28:24, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЫССЫХАНАЛАРДАҒЫ ҚАДАҒАЛАЎ ИЛАЖЛАРЫ

Мәмлекетимиз халқына сапалы ҳәм кепилликли аўылхожалығы өнимлерин жеткерип бериў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ыссыхана хожалықлары хызметин раўажландырыў, олар ушын қолайлы шараят жаратыў бүгинги күнде әҳмийетли мәселелердиң бири саналады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-ноябрьдеги «Ыссыхана хожалықларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бо­йынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, ыссыхана хожалықларында өним жетистириў ҳәм таяр өнимди ишки ҳәм сыртқы базарға бағдарлаўдың жаңа механизмин енгизиў бойынша бир  қатар мәкемелерге ўазыйпалар белгилеп берилди.

Қарарға муўапық, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агент­лиги ҳәм Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги менен биргеликте келисим тийкарында ыссыханаларға инспекторларды бириктиреди ҳәм өсимликлерди қорғаўды шөлкем­лестириў бойынша хызметлер көрсетилиўин тәмийинлеў ўазыйпасы жүклетилди.

Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 5-декабрь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги менен Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте ис-реже ислеп шығылып, ҳәзирги күнде усы режеге муўапық илажлар алып барылмақта.

Оған муўапық, аймақлар кесиминде ҳәр бир ыссыханаға келисим тийкарында мәмлекетлик инспекторлар бириктирилди ҳәм өсимликлерди корғаўды шөлкем­лестириў бойынша хызметлер көрсетилмекте. Сондай-ақ, үй алды қыйтақ жер майданларындағы ыссыханалардың да фитосанитар жағдайы, егилген егинлерди өсимлик зыянкес ҳәм кеселликлерден қорғаў илажларының алып барылыўы қадағалаўдан өткерилиўи менен бирге зыянлы организмлерге қарсы гүресиў илажлары бойынша унамлы усыныс ҳәм мәсләҳәтлер берилмекте.

Ыссыханаларда өсимликлерди зыянлы организм­лерден қорғаўда ең дәслеп ыссыхананың иши фитосанитариялық жақтан таза болыўы шәрт. Бунда ыссыханаға егинлер егилместен алдын зыянсызландырыў (фумигация) илажлары алып барылған болыўы керек. Оннан соң, егилетуғын туқым ҳәм нәллердиң фитосанитария лабораторияның унамлы жуўмағы менен ишки фитосанитариялық сертификатлары бар болыўы зәрүр.

Сондай-ақ, инспекторлар тәрепинен ыссыханаларда алып барылып атырған мониторинг илажлары даўамында өсимликлерде зыянлы организмлер анықлан­ған жағдайда қысқа мүддетте қарсы гүресиў илажларының шөлкемлестирилиўи ҳәм бул илажлар (агротехникалық, профилактикалық, биологиялық, химиялық ҳәм егиў материалларының фитосанитар жағдайы) «Ыссыхана дәптери»ине жазылып барылады.

Ыссыхана хожалықлары топырақларын агрохимиялық анализ лабораториясынан өткерилиўин шөлкемлестириў ҳәм усы тийкарда төгин бериў нормаларын белгилеў илажлары да алып барылып, бул бойынша усыныслар берилмекте. Мәселен, жыллық нормасы фосфорлы төгинлер 75 процент, аммафос 162,8 процент физикалық жағдайда, калийли төгинлер 50 процент, калий хлор 49,8 кг/физикалық жағдайда, жергиликли төгинлер 100 процент (қый 40т/га гумус) талап етиледи.

Инспекторлар тәрепинен қадағалаў илажлары даўамында карантин ҳәм бас­қа зыянкеслер сымқуртлар, совкалар, күйелер, аққанатлар, ширелер, трипслар, кенелер, нематодалар, кеселликлерден  фузариоз, тамыр шириў, фитофтороз, переноспороз, алтернариоз  ҳәм вируслы кеселликлер тар­қалған «ошақ» майданларын анықлаў менен бирге анықланған зыянкес ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў илажларын белгилеў зәрүр болады.

Сондай-ақ, помидор күйеси, тамыр қурты, гөрек қурты, карадрина, цитрус инли күйеси, өрмекши-кене, аққанат, ширелер, трипс ҳәм басқа зыянкеслер пайда болыўын анықлаў мақсетинде феромон тут­қышлардан пайдаланған ҳалда мониторинг жүргизиў илажлары алып барылады.

Егерде феромон тут­қыш­қа бир суткада 3-4 гүбелек түскен болса, биоло­гиялық қарсы гүресиў усылынан пайдаланыў мүмкин. Бунда зыянкес мәйеклерине қарсы трихограмма 1 граммнан 3 мәрте 3-4 күн аралатып ҳәр гектарға тарқатыў, 1-3 жаслы қуртларға қарсы микробиологиялық препаратлар ҳәм үлкен жаслы қуртларға  қарсы бракон энтомофагин 2000 дана/га (1 сотыхқа 200 дана) энтомофаг қолланыў, ширелер ҳәм басқа сорыўшы зыянкеслерге қарсы алтынкөз энтомофагин 2000 дана/га (1 сотых­қа 200 дана) қолланыў усыныс етиледи.

Мағлыўмат орнында, ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасында жәми (101 гектар) 49 ыссыханалар хызмети жолға қойылған болып, олар тийкарынан топырақ ҳәм гидропоника усылында болып, ыссыханаларда помидор, қыяр, болгар бурышы, лимон өнимлери жетистирилмекте. Соннан Тақыятас районында 26,0 гектар майданда ыссыханалар болып, оларда жетистирилген өнимлер ишки ҳәм сыртқы базарларға шығарылмақта.

Аўыл хожалығында дала шараятында өсимликлерди зыянлы организмлерден қорғаў қаншелли әҳмийетли болса, ыссыханаларда да бул илажларды әмелге асырыўда күтә әҳмийетли саналады. Себеби, ыссыханалар ҳәр қандай зыянкес ҳәм кеселликлердиң раўажланып, тез тарқалатуғын орайы есапланады. Сонлықтан, ыссыханаларда турақлы түрде агроном-инспекторлар тәрепинен қадағалаў илажларының алып барылыўы зыянлы организмлер пайда болыўының алдын алыўға, азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет  етеди.

А.ТУРДЫШОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF