Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:01:08, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АКЦИЯ ШЕҢБЕРИНДЕГИ ЖУМЫСЛАР АРТЫҒЫНА ОРЫНЛАНДЫ

Соңғы жылларда мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, халықтың қолайлы тәбийғый орталыққа ийе болыўы ушын зәрүр болған барлық шараятларды жаратыў, сондай-ақ, тәбийғый ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, жүз берип атырған экологиялық машқалалардың алдын алыў ҳәм олардың унамсыз ақыбетлерин сапластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Бирақ, соған қарамастан бүгинги күнде елимизде халық санының артыўы ҳәм ҳәр түрли ислеп шығарыў кәрханалары менен заводлардың көбейиўи себебинен олардан шығып атыр­ған зәҳәрли түтинлер ҳәм шығындылар атмосферамыздың патасланыўына себепши болып, бул инсан саламатлығына өзиниң кери тәсирин тийгизбекте.

Мине усындай унамсыз жағдайлардың алдын алыў ҳәм республикамызда жасыл аймақлар көлемин және де көбейтиў мақсетинде Президентимиздиң басламасы менен быйылғы жылда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары енгизилген еди. Усы жойбардың унамлы нәтийжеси сыпатында бүгинги күнде елимиздиң барлық аймақларында жасыл майданлар көлеми еки есеге көбейди.

Әмиўдәрья районында да улыўма миллий ҳәрекет шеңбериндеги жумыслар шөлкемлескенлик пенен өткерилген. Атап айтқанда, 2022-жылдың бәҳәр мәўсиминде район бойынша жәми 744,3 мың түп терек нәллери егилип, райондағы ҳәр бир кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң әтирапларындағы жасыл майданларға мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў ислери алып барылды. Усы саўаплы илажды турақлы даўам еттириў мақсетинде быйылғы жылдың 11-октябринде Президентимиздиң басшылығында видеоселектор мәжилиси өткерилген еди. Мәжилисте жойбар шеңберинде усы жылдың аяғына шекем 75 миллион дана ҳәм 2023-жылдың бәҳәр айларында тағы 125 миллион дана мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў ўазыйпасы қойылып, 20-октябрьден 1-декабрьге шекем терек нәллерин егиў бойынша «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы жәрияланды.

Усы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районда усы жылдың гүз мәўсиминде жәми 434,6 мың дана терек нәллери егилген. Соннан бағдарлама тийкарында райондағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларының әтирапларындағы жерлерге 3,8 мың түп, аўыл хожалығы жерлерине 35 мың түп, фермер хожалықларының егин майданларының шетлерине 125,7 мың, орта арнаўлы билимлендириў бағдарындағы объектлерге 5 мың түп, халық билимлендириў бағдарындағы объектлерге 7,5 мың түп, мектепке шекемги билимлендириў бағдары объектлерине 6 мың түп, денсаўлықты сақлаў бағдары объектлерине 6,5 мың түп, кәрханалар ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары аймақларына 32,4 мың түп, районлық Абаданластырыў басқармасы қарамағындағы аймақлар ҳәм объектлерге 109,5 мың түп, райондағы АПЖ ҳәм МПЖ аймақларына 103,2 мың түп терек нәллери егилип, бул бойынша реже районда 103 процентке орынланған.

Қуўанарлысы, районда усы саўаплы акцияға район жаслары менен биргеликте нураныйлар, мәҳәлле белсендилери, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары да белсене қатнасқан.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз, Әмиўдәрья районы.

СҮЎРЕТТЕ: «Жасыл мәкан» улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде әмелге асырыл­ған жумыслардан көринис.     

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF