Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:55:35, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МЕҲИР ҲӘРЕКЕТИ» ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Республикамыз районларындағы аўыр шараятта жасап атырған, хатлаўдан өткерилген пуқаралардың турақ жайларын орнына барып көриў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў, үйлерин оңлап бериў бағдарындағы жумысларды нәтийжели жол­ға қойыў мақсетинде министрлик, басқарма, мәкеме-шөлкем басшыларынан ибарат жумысшы топарлар дүзилген еди.

Бул илажларға сиясий партиялар да қосылып, жергиликли Кеңеслерге ӨзЛиДеП тен сайланған депутатлар Кегейли, Шымбай, Беруний, Тақыятас ҳәм Нөкис қаласындағы өзлери сай­ланған аймақлардағы усындай шаңарақлардан хабар алды.

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң депутатлары Н.Қыдырниязов ҳәм А.Моятдиновлар да усы баслама тийкарында өзлери сайланған аймақта жасап атырған социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың жағдайынан хабар алып, оларға азық-аўқат өнимлерин, перзентлерине қысқы кийим-кеншеклер ҳәм ысытыў үскенелерин апарып берди.

— Жаңа жыл алдынан хабар алып, бизлерге көрсетилип атырған итибар ушын депутатларымыздан миннетдармыз,-дейди «Қырантаў» АПЖ турғыны Б.Омаров.

Бундай қайырлы ислер халқымыз арасында бир-биреўге болған мийрим-шәпәәтти, қайырқомлық сезимлерин күшейтип, өз-ара аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет етпекте.

Республикамыздағы аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың жасаў шараятларын жақсылаў, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша ийгиликли баслама, яғный, «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги қайырқомлық илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF