Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:50:21, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 

КАДРЛАРҒА ҚОЙЫЛЫП АТЫРҒАН ТАЛАП ҲӘМ ЖУЎАПКЕРШИЛИКЛЕР

Ҳәзирги күнде елимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар, өзгерислер әмелге асырылмақта. Кадрларға қойылып атырған талап ҳәм жуўапкершилик, жумысты шөлкем­лестириў жаңа басқышқа шықпақта.

Сонлықтан да, мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы реформалардың баслы мақсети халыққа хызмет етиў екенлиги белгиленген. Бул ўазыйпаны орынлаўда ҳәр бир хызметкерден жоқары потен­циал ҳәм үлкен жуўапкершилик талап етиледи.

Айырым ўақытларда социаллық тармақларда басшылардың өз қол астында жумыс ислеп атырған хызметкерлерине ҳәм пуқараларға қарата қопал мүнәсибетте ҳәм басым өткерип атырғанлығының гүўасы болып қаламыз. Бул өз гезегинде хал­қымызда мәмлекет ҳәм оның уйым­ларына деген унамсыз пикирлердиң пайда болыўына ҳәм тарқалыўына себеп болмақта.

Мәмлекетлик хызметтиң турақлылығы, исенимлилиги ҳәм ашық-айдынлығы тек ғана онда ислеп атырған хызметкердиң кәсиплик таярлығына емес, ал оның инсаныйлық пазыйлетлерине, этикасына да тиккелей байланыслы. Себеби, пуқаралар мәмлекет хызметшиси арқалы мәмлекетти көреди, реформа­ларға исеними оянады ҳәм сол уйымға бир хызметкер арқалы баҳа береди. 

Усы жылдың 15-октябрь сәнесине шекем мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларындағы хызметкерлердиң әдеп-икрамлық қағыйдалары Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң  2016-жыл 2-марттағы 62-санлы қарары менен тәртипке салынды. Бул қағыйдаларда кәсиплик этиканың улыўма принциплери ҳәм жумыс ўақтындағы әдеп-икрамлылық мәселелери белгиленген еди.

2022-жыл 14-октябрь күни мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң хызмет искерлиги ҳәм хызметтен тысқары ўақыттағы әдеп-икрамлығы, жәмийетшилик пенен мүнәсибетлерге байланыслы қағыйдаларды тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 595-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарар менен, «Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери әдеп-икрамлығының үлги қағыйдалары»нда мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң кәсиплик мәденияты, хызмет ўақтындағы ҳәм хызметтен тысқары ўақыттағы әдеп-икрамлығы, сыртқы көриниси ҳәм кийиниў усылы белгилеп берилди. Әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етиў мәмлекетлик хызметшилердиң искерлиги, хызметтеги минез-қулқын баҳалаўдың тий­карғы өлшемлеринен бири есапланады ҳәм алдағы ўақытларда жоқары лаўазымларға тайынлаў ҳәм басшы кадрлар резервин қәлиплестириўде есапқа алынады.

Мәмлекетлик хызметшилер жумыс ўақтында ҳәм жумыс­тан тысқары ўақытта минез-қулықтың төмендеги улыўма қағыйдаларына әмел етиўи керек:

- мәмлекетлик хызметтиң абырайына зыян жеткериўи мүмкин болған ҳәрекетлерден тыйылыў, әдеп-икрамлық нормаларына турақлы әмел етиў;

-жуўапкершилик, кәсибине садықлық ҳәм ҳадаллықты күнделикли сүренине айландырыў;

-қурамалы ўазыйпаларды орынлаўда кәсиплеслерине көмеклесиў;

-хошпейиллик, итибарлылық ҳәм абайлы болған ҳалда пуқараларда мәмлекетке деген исеним ҳәм ҳүрмет туйғысын оятыў керек;

-шаңарағында саламат орталықты тәмийинлеп, шаңарақ ағзаларына турақлы түрде ғам­қор болыў, перзентлеринде ўатансүйиўшилик ҳәм басқа жоқары инсаныйлық пазыйлетлерин қәлиплестириў;

-пуқаралардың социаллық келип шығыўы, экономикалық жағдайы ҳәм басқа факторлар­ға қарамастан, олар менен бирдей, ашық ҳәм әдеп-икрамлылық шеңберинде мүнәсибетте болыў;

-жәмийетте минез-қулықтың улыўма тән алынған қағыйдаларына әмел етиў.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң кәсиплик мәдениятына байланыслы әдеп-икрамлық қағыйдалары төмендегилерден ибарат:

-ҳадал, әдил ҳәм кишипейил болыў, пуқаралар менен сөйлескен ўақытта әлпайым, салдамлы ҳәм жақсы мүнәсибетте болыў;

-физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы қарарларды қабыл етиўде нызамлылық, әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў;

-мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине зыян жеткериўши, мәмлекетлик уйымның жумыс нәтийжелилигин төменлететуғын ҳәрекетлер (ҳәрекетсиз­лик)ден тыйылыў;

- өзиниң ҳәрекети ҳәм минез-қулқы себепли жәмийетшиликтиң  cын көзқарасына түспеў илажларын көриў, сын ушын қуўдалаўға жол қоймаў, тийкарлы ҳәм конструктив сыннан өз искерлигиндеги кемшиликлер ҳәм нуқсанларды сапластырыў жолында пайдаланыў;

- интизамий, ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы ҳәрекетлерге жол қоймаў керек.

Жумыс ўақтында мәмлекетлик пуқаралық хызметшилер:

- Конституция ҳәм басқа нызамшылық ҳүжжетлерине сөзсиз әмел етиў;

- мәмлекет абырайын қәдирлеў, мәмлекет сиясатына садық болыў;

- өзиниң хызмет ўазыйпаларын ҳүждан менен, ҳадал ҳәм жоқары профессионал дәрежеде орынлаў, қәлбекилик, нызамсыз пайдаланыўға жол қоймаў;

-коррупцияға қарсы аяўсыз гүресиў, жынаят ҳәм басқа ҳуқықбузарлықларды ислеўге ийтермелеўши мүрәжатлар ҳәм кәсиплеслери тәрепинен исленген ямаса таярлық көрип атырған нызамбузыўшылықлар ҳаққында өзиниң басшысына оператив түрде мәлим етиў;

-хызмет сапарлары, қадағалаў илажлары даўамында жумысы менен байланыслы қәрежетлерди басқа шахслар есабынан әмелге асырмаў;

- мәмлекетлик сыр ҳәм бас­қа да нызам менен қорғалатуғын, жумысына байланыслы мағлыўматларды әшкара етпеў;

- социаллық тармақларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың искерлигин додаламаў, этикаға жат болған сөзлерди ислетпеў, мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформаларға қарата адамларда исенимсизлик кейпиятын пайда етиўи мүмкин болған материалларды жайластырмаў;

- пуқаралар ҳәм кәсиплеслериниң абырайына дақ түсириўши жала ҳәм мағлыўматларды тарқатпаў;

-мийнет, атқарыў тәртиби, ишки тәртип қағыйдаларға, телефонда сөйлесиў ҳәм кийиниў мәдениятына әмел етиўге мәжбүр.

Атап айтқанда, мәмлекетлик пуқаралық хызметшилер жумыс ўақтынан тысқары ўақытта:

-миллий үрп-әдет, қәдирият ҳәм дәстүрлерге ҳүрмет пенен мүнәсибетте болыў;

-дәбдебешилик, топарпазлық, кеўилхошлық, ишиўшилик ҳәм басқа иллетлерге жол қоймаў;

-мәмлекетлик хызметке байланыслы мағлыўматларды олар рәсмий түрде жәрияланбағанша додаламаў;

-жәмийетлик орынларда (кафе, ресторан ҳәм басқа кеўил­ашар орынларда) өзин тутыў қағыйдаларына әмел етиў, әтираптағылардың итибарын тартыўшы артықша ҳәм унамсыз ҳәрекетлерге жол қоймаў;

-хызмет гүўалықларынан, хызмет автотранспортынан тек жумыс бабында пайдаланыў, яғный, жеке ҳәм басқа мақсетлерде пайдаланбаў;

-сыртқы көринисин белгиленген нормалар шеңберинде сақлаў, әпиўайы түрде кийиниў, әтираптағылардың итибарын өзине артықша тартатуғын тәризде кийинбеў керек.

Мәмлекетлик хызметши­лердиң хызмет даўамындағы сырт­қы көриниси ҳәм кийиниў усылы пуқаралардың мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң жумысына ҳүрметин, соның ишинде мәмлекетлик хызметтиң статусын асырыўға хызмет етиўи керек. 

Жуўмақлап айтқанда, қарарда мәмлекетлик пуқаралық хызметшилердиң барлық тараўлардағы — жумыста, шаңарағында, жәмийетлик орынларда, пуқаралар менен қатнаста әмел етиўи керек болған қағыйдалар көрсетилген. Булар усыныс характериндеги нормалар емес.

Мәмлекетлик хызметшилер әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етиўге миннетли есапланады, өз гезегинде пуқаралар усы қағыйдаларға сәйкес болған кәсиплик мәдениятты сиз бенен бизден талап етиў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленди. 

 

Сайлаўбай Данияров,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF