Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:59:08, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТИМИЗ — ХЫЗМЕТКЕРЛЕРДИҢ ҲУҚЫҚЫН ҚОРҒАЎ

Елимизде жүз берип атыр­ған жаңаланыўларда кәсиплик аўқамларының мүнәсип үлеси бар. Өткен 5 жыл ишинде Өзбекстан Республикасы кәсиплик аўқамларында бурылыслар дәўири болды.

2019-жыл 6-декабрьде мәмлекетимиз тәрепинен «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Бул хызметкерлердиң мийнетке тийисли ҳуқықларын, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдағы искерлигин жоқары басқышқа алып шығыў ушын көплеген имканиятлар есигин ашты.

2021-жыл 11-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте белгиленди ҳәм кәсиплик аўқамлары хызметкерлерине қутлықлаў жоллады. Мәмлекетимиз басшысы қутлықлаўында: «Ҳәр бир кәрхана ямаса шөлкемде, әлбетте, кәсиплик аўқамлары хызмет көрсетиўи ҳәм басшылар олар менен тығыз байланыста жумыс алып барыўы шәрт. Сонда ғана жәмийетимизде мийнет нызамшылығының бузылыў жағдайларының алды алынады. Турмысымызда социаллық әдалат және де қарар табады», деп атап өтти.

Республикамыздағы көплеген басланғыш кәсиплик аўқамлары сыяқлы Шоманай районлық медицина бирлеспеси кәсиплик аўқамы комитетинде 840тан аслам хызметкер есапта турады, олар халқымыздың денсаўлығын сақлаўда пидайы хызмет етип келмекте. Олардың мийнет ҳуқықлары 2021-2023-жылларға мөлшерленген бирлеспе басшылығы менен дүзилген жәмәәтлик шәртнама тийкарында қадағалаўға алынған.  Шәртнамада олардың социаллық-экономикалық ҳуқықларын қорғаў мақсетинде бир жылда тийкарғы мийнет ҳақыларына қосымша ҳәр бир хызметкерге 7 млн. 200 мың сум қаржы берилиўи көрсетилген ҳәм бул қадағалаўға алынған.

Усы жылдың өткен 9 айын­да 338 хызметкерден мүрәжат келип түсип, олар толық үйренилип қанаатландырылды, 296 хызметкердиң ҳуқықлары тикленди, олардың пайдасына 142 млн. 110 мың сум қаржы өндирип берилди.

Соның менен бирге, 145 кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларына материаллық жәрдемлер берилди. «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» сүрени астында 50 хызметкер елимиздиң тарийхый қалаларына саяхатқа барып қайтты. Елимизде белгиленетуғын байрамларда 600ден аслам хызметкерлерге баҳалы саўғалар берилди, 15 хызметкердиң балалары саўалландырыў орайларына дем алыў ушын жиберилди. Бундай қайырлы ислер еле де даўам ете береди. Жақында қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң мазмун ҳәм мәниси, әҳмийетин барлық хызметкерлерге түсиндириў жумыслары алып барылмақта.

Б.МӘЎЛЕНОВ,

Шоманай районлық медицина бирлеспесиниң кәсиплик аўқамы комитети баслығы.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF