Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:04:10, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ МИЛЛИЙ МАҚТАНЫШЫ

Қарақалпақ саз өнериниң көш баслаўшысы Нәжиматдин аға Мухаммеддинов быйыл 85 жасқа толды. Усы мүнәсибет пенен жақында қайта баспадан шыққан «Қарақалпақ саз дүньясының сәрдары» атлы китап «Билим» баспасы тәрепинен қайта жарық көрипти.

Композитор ағамыз еле баспаның бояўы кеппеген китабының бир данасына дастхатын жазып: «Қарағым, мына китапта сизиң де мақалаларыныз бар» дегенде, қуўанып қалдым.

Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлистан Матякубова тәрепинен баспаға таярланған бул китапта түрли жылларда, жазыўшы-шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, алымлар жазып, баспа жүзин көрген  мақалалар, очерклер, илимий пикирлерде Н.Мухаммеддиновқа «Саз әлеминиң султаны», «Саз әлеминиң байтереги», «Уллы тул­ға», «Уллы композитор» деген теңеўлер қолланылған.

Әлбетте, «халық айтса, қалп айтпайды». Ол уллы шайырымыз И.Юсупов пенен бирге Қарақалпақстан Республикасы гимниниң биринши авторларынан болса, қарақалпақ халқының туң­ғыш операсын, туңғыш балетин жазса, туңғыш симфониясын дөретсе, ХХ-ХХI әсирде қарақалпақ саз ҳәм көркем өнериниң раўажланыўына бас болса, бул инсан ҳаққында басқа қандай теңеў болыўы мүмкин!

Нәжиматдин аға усындай уллылыққа жетемен, дегенше өмирдиң дәс жолларын басып өтти. Ташкенттеги музыкалық билим журтын питкерип, Нөкис музыкалық-хореографиялық билим журтына скрипкашы-муғаллим болып жумысқа орналасыўы, оның қәнигелик класында атақлы композиторлар болып халқымызға танылған Худайберген Турдықулов, Марқабай Жи­йемуратов, Камал Меңдибаев сыяқлы талантлы заманласларының сабақ алыўы, Әлимжан Халимов, Жапақ Шамуратов, Әбдираман Султанов киби композиторлар менен бирге ислесип, көп сәўбетлерин тыңлаўы болажақ композитордың талант ушқынларының өркенлеўине тәсири болған.

— Мендеги намаға деген ықлас сол жыллардан басланды,-деп еске түсиреди Нәжиматдин аға. — Жақсы қосық қатарларын оқысам, кеўлиме нама қуйыла баслағанына өзим де таңырқап жүрдим. “алым Сейтназаровтың «Көл жағасында» атлы қосығына жазған биринши намамды Өтеп Қурбанбаев атқарды.

Усы қосықтың табыслы шығыўы Нәжиматдин ағаның өзине болған исенимин оятты. Буннан кейин избе-из дөреген Салый Мәмбеталиевтиң қәлемине ти­йисли «Бир аўыз сөз сүйемен», «Жигит қосығы» атлы қосық текст­лерине жазған намалары халықтың кеўлинен шығыўы болажақ композиторды дөретиўшиликке шынтлап кирисиўине түртки болды. Олардың изинше жазылған «Нөкис вальси» қарақалпақ қосық сүйер қәўимин бир дүрликтирип таслады.

Н.Мухаммеддинов енди талантына ылайық билим болыў кереклигин жақсы түсинди ҳәм «Алмата қайдасаң!» деп жолға түсти. Консерватория, уллы устазлардан алған сабақлары болажақ композиторды терең билим сырларына сүңгите берди. Ол Консерваторияның 4-курсында оқып жүргенинде-ақ, Жийен жыраўдың «Посқан ел» поэмасы негизинде симфониялық поэма дөретти. Сол жылы бул поэма бурынғы аўқам еллери жас композиторлары арасында өткерилген таңлаўда ең жақсы шығарма, деп табылды. Студенттиң бул табысы ҳаққындағы мақалалар аўқам көлеминдеги абырайлы басылымларда избе-из жәриялана баслады. Студент тәрепинен биринши қарақалпақ симфониясының дөрелиўи Н.Мухаммеддинов ушын өмири даўамында биринши болыўдай бахыттың бет ашары сыпатында көркем өнер тарийхына жазылды. Композитордың айдын жолы қарақалпақ саз өнеринде биринши қарақалпақ операсы «Әжинияз», биринши қарақалпақ балети «Айжамал», уллы шайырымыз Ибрайым Юсупов пенен бирге биринши қарақалпақ гимнин дөретиў менен даўам етти. Композитордың өмир ҳәм дөретиўшилик жоллары сценарийи Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың қәлемине тийисли болған «Бәрҳама биринши» фильминде толық өз сәўлелениўин тапқан.

Нәжиматдин аға консерваторияны тамамлап келгеннен ке­йин өзин тек дөретиўшиликке бағышлады. Жақсы қосық текст­лерине намалар ара-арасында емес, дүркин-дүркини менен жазылып, атақлы қосықшылардың атқарыўында өз ықласбентлерин тапты. Айта кететуғын бир нәрсе, Н.Мухаммеддинов жазған намалар қанша жыл өтсе де сахнадан түсип, умытылып кететуғын намалар емес. Композитордың институтты тамамлап келген жыллары дөреткен «Яр-яр айтайын», «Қыз қыялын билмесең», «Бахтым Әмиў жағасы»,«Кеўил кеўилден суў ишер», «Болмас», «Ата мәканым» сыяқлы қосықларына жазған намалары ҳәзир де сахналарда айтылып атыр. Бул қосықлар қаншадан-қанша қосықшылардың абырайларын асырып, жас талантларды жүзеге шығармады дейсиз! Тамара Дошумова, Байрам Мәтжанов, Гүлпаршын Сырымбетова, Гүлхатийша Айымбетова, Мырзагүл Сапаева, Элиза Айтыниязова киби атақлы талант ийелери үлкен сахналарда Н.Мухаммеддинов тәрепинен дөрелген намаларды айтып, қосық сүйер қәўимниң кеўиллерин шад етти, руўхый азық бағышлады. Ал, композитордың «Аңғалақ», «Дәли жигит», «Жигитлер ойыны», «Орамаллы қызлар» сыяқлы көп ғана ойын намалары шебер аяқ ойыншылар тәрепинен сахналас­тырылған ҳәм тек республикамызда ғана емес, шет мәмлекетлерде де өз ықлас­бентлерин таң қалдырған.

Атақлы алым ҳәм жазыўшы Н.Дәўқараев москвалы композитор В.Г.Шафранников пенен бирге «Алпамыс» дәстаны тийкарында жазылған «Алпамыс» музыкалы драмасы дәслеп 1942-жылы сахна жүзин көрген. Н.Мухаммеддинов узақ жыллар даўамында сахнадан түсип қалған бул спектакльди қайта тирилтти. Тарийхый спектакльди сахнаға қайтарыў аңсат болмаған. Ондағы намалар Н.Мухаммеддинов тәрепинен дерлик толығы менен қайта жазылды. Спектакль Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Нәжимаддин Аңсатбаев  тәрепинен қайта сахналастырылып, 2008-жылы тамашагөйлер нәзерине усынылды. Спектакльдиң жаңа варианты профессионал дәрежеге көтерилди. Композитордың бул табысы қарақалпақ көркем өнериниң үлкен жетискенлиги болды.

Нәжиматдин Мухаммеддинов қосық текстлерине жүдә итибар менен мәни берип қарағанлығы, оның дөретпелериниң қунлылығын тәмийинледи. Ол уллы ша­йырымыз Ибрайым Юсупов пенен 40 жылдан аслам ўақыт дөретиўшиликте үнлес, пикирлес болып бирге ислести. Нама менен сөздиң   егизлигин, бири-биринен ажыратып қараўға болмайды деген пикирлерди дәлилледи. Нәтийжеде халқымыздың қанатлы өлмес қосықлары, опералары дүньяға келди. Композитордың Ибрайым ағаға «Сиз арамызда жүрген тири Әжиниязымызсыз, усы шайыр ҳаққында операға либретто жазыўға бир «толғатып» көриң, аға» деген өтиниши менен жазылған «Әжинияз» операсы қарақалпақ көркем өнерин жаңа шыңларға көтерди. Сондай-ақ, еки уллы инсанның қәлеминен дөреген «Сүймегенге сәлем жоқдур», «Ўатан», «Сүмелек қайнатқан жеңге», «Жигиттиң соныңдай бир досты болсын», «Және Жәйҳун болып ақтың да келдиң», «Нәресте ҳаққында баллада» сыяқлы бир неше онлаған нама қосықлары қарақалпақ саз өнерине бийбаҳа байлық болып қосылды.

 Н.Мухаммеддинов қай жерде, қандай лаўазымда ислемесин, талантлы жасларға ғамқорлық көрсетти, устазлық етти. Ҳәзир шәкиртлериниң көбиси халық сүйген атақлы қосықшылар дәрежесине жетисти. Бес шәкирти «Ниҳол» сыйлығына миясар болды. Оның ең сүйикли шәкирт­лериниң бири Рашид Хожасов еди. Композитордың «Кел сүйиклим», «Сүймегенге сәлем жоқдур», «Ўатан топырағы», «Анажан», «Жанды отқа жағадурсаң», «Муҳаббатым қайлардасаң» сыяқлы көплеген адам жанына ләззет бағышлайтуғын намалары Рашид ушын жазыл­ғандай. Талантлы қосықшы усы нама қосықлары арқалы халыққа танылды, халықтың жүрегинде қалды...

Сюжети белгили тарийхый әдебий материалларға тийкар­ланған «Айжамал» балетиниң негизи миллий аяқ ойынлар менен намалардан нәр алған, дуўтар ҳәм қобыз намалары ырғақларынан шеберлик пенен пайдалана алған, классикалық характери басым қунлы шығарма, деген пикирлер қәнигелер тәрепинен көп айтылып жүр. Миллий балетимизге шет мәмлекетлердиң қәнигелери де жоқары баҳаларын берген. Н.Мухаммеддинов усы балетти дөреткени ушын Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ылайық, деп табылған. Композитордың бундай халықшыл, санамызды жаўлап алатуғын өлмес шығармалар дөретиўиниң тийкары оның Жийен, Нурабулла, Өгиз жыраў, Шаңқай, Есемурат сыяқлы жыраўларды, Муўса, Ақымбет, Айт­жан, Ещан, Жапақ, Генжебай киби атақлы бақсыларды жанындай сүйиўинде, оларды үйрениўинде, миллий ырғақларды терең меңгериўинде. Композитор бул мийнетлери арқалы қарақалпақ миллий намаларының әўладлардан әўладларға өтиўине айрықша үлеслерин қосып киятыр. Нәтийжеде халық қосықларын заманға сай қайта ислеп, бул мийрасларымыздың өмириниң узайыўына тийкар жаратты. «Еллерим барды», «Ешбай», «Муўса сен яры», «Қыз мүнайым», «Яр қара көзлериң не тилер меннен» ҳәм басқа онлаған қарақалпақ халық қосықлары бүгин талантлы жас қосықшылардың репертуарларынан орын алған, сүйип атқарылатуғын қосықларға айланды.

Нәжиматдин Мухаммеддинов 82 жасында  қарақалпақ халық дәстаны «Қырқ қыз» тийкарында «Гүлайым» операсын дөретти. Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Матякубова тәрепинен либреттосы жазылған бул операны қарақалпақ саз өнериниң гүлтажы, айырым өзбекстанлы көркем өнер ғайраткерлери «Қарақалпақ шедеври» деп баҳалады.

«Гүлайым» операсы режиссёрлар, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Б.Баймурзаев, Б.Өтебаев ҳәм М.Үсеновлар тәрепинен сахналастырылды.

Н.Мухаммеддиновты устаз тутқан бүгин ел нәзериндеги ҳәм енди танылып киятырған композиторлар менен ушырасыў устазға заўық бағышлайды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары көркем өнер ғайраткери Қурбанбай Зәретдиновтан баслап, Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Шарапатдин Пахратдинов, Баҳадыр Алланиязов, Гүлмәриям Камалова, Әжинияз Пахратдинов, Айжамал Төре­ния­зова, Жәмил Чарчемов сыяқлы көплеген шәкиртлери қарақалпақ саз әлеминде устаз жарат­қан мектептен саға алды.

Нәжиматдин аға туўралы қай жерде, қандай жақсы сөз айтылса, оның илҳам периси, бир дуўтардың еки тарындай, деп тәрийп­ленип киятырған зайыбы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, композитор Абадан Сапарова да қосып айтылады, жазылады. Буның мәниси тек атақлы композитордың зайыбы болғанлығынан емес, бул ерли-зайыптың бири-бирине айта жүрерлик ҳүрмети, жәмийетте екеўиниң де зәбердес басшы, шебер шөлкемлестириўши болғанлығында, миллийлигимиз ушын жанкүйерлигинде, халқын шын жүрегинен сүйиўинде, олардың пикирлери бәрқулла бир жерден шығып, бири-бирин барынша қоллап-қуўатлаўында, басқалар ҳәўес етерлик өмир жолларын басып өтиўинде. Узақ жыллар даўамында республикалық «Алтын мийрас» қорына басшылық етип, бақсы-жыраўларымызды дүнья сахналарына алып шығыў ушын жан күйдирген, сырт елли илимпазлар менен бирге ислесип, миллийлигимизди танытқан, жас талант ийе­лерин қоллап-қуўатлаўдан шаршамайтуғын, ветеран қосықшылар, көркем өнер ғайраткерлеринен дүзилген «Әмиў бүлбиллери»н қайта үлкен сахнаға алып шыққан, олар менен республикамыздың көп ғана районларына шығып, концертлер шөлкемлестирип, ықласбентлерине заўық бағышлағын апамыз туўралы да айтылар гәп көп.

 Биз гүллән  ықласбентлери атынан композитор ағамызды 85 жасқа толған мерекеси менен қутлықлап, денсаўлық, дөретиўшиликте табыслар тилеймиз.

Пердегүл ХОЖАМУРАТОВА,

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF