Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:47:52, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨП ҚЫРЛЫ ТАЛАНТ ИЙЕСИНЕ ҲҮРМЕТ

12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  усы атамада Қарақалпақстан Композиторлары аўқамының баслығы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Нәжиматдин Мухаммеддиновтың 85 жасқа толыў юбилей кешеси болып өтти.

Оған композитордың шаңарақ ағзалары, кәсиплеслери, кең жәми­йетшилик ўәкиллери, шәкиртлери, көркем өнер тараўы ғайраткерлери, жазыўшы-шайырлар қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, профессионал музыка мәдениятын раўажландырыўға үлкен үлес қосқан композитор Н.Мухаммеддиновты 85 жасқа толыў юбилейи менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Минис­трлер Кеңесиниң атынан қутлықлады.

 Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият минис­три Қ.Турдыев шығып сөйлеп, көп қырлы талант ийесиниң өмири ҳәм дөретиўшилиги бо­йынша мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Н.Мухаммеддинов Қарақалпақстан Республикасы гимниниң, сондай-ақ, қарақалпақ халқының туңғыш операсының, балетиниң ҳәм симфониясының авторы. Жәҳән музыкасында Ж.Верди «Отелло» операсын 80 жасында жазған болса, Н.Мухаммеддинов 82 жасында «Гүлайым» этно-операсын жазыўға миясар болады. Ол бир қанша жуўапкершиликли мәмлекетлик ўазыйпаларды атқарыўына қарамастан, музыка дүньясын өзиниң өмириниң мазмунына айландырды. Талант­лы, профессионал композитор жаңа намалар дөретип, қарақалпақ музыка дүньясында өзине тән мектеп жаратты. Оның дөретиўшилигиндеги ири шығармалардан И.Юсуповтың либреттосына жазылған «Әжинияз» операсы, «Айжамал» туңғыш балети, Н.Дәўқараевтың «Алпамыс» пьессасы, К.Рахмановтың «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек» комедиясы, Қарақалпақстан кантатасы, «Посқан ел» симфониялық поэмасы  тамашагөйлердиң кеўлинен терең орын алды.

  Н.Дәўқараевтың «Көл жағасында», «Нөкис вальси», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Яр-яр», «Бахтым Әмиў жағасы», «Ата мәканым» сыяқлы қосықлары миллий музыкамызға ғәзийне болып қосылды. Оларды ең талантлы қосықшылар Б.Матжанов, Б.Надыров, М.Хожаниязов, Г.Айымбетова, Р.Қутекеева ҳәм басқалар атқарып шығып, хал­қымыздың кеўлине йош бағышлады. Халық намаларын халық сазлары оркестри, симфониялық оркестр ушын алдыңғыдан да байытып, раўажландырып қайта иследи.

Усындай тынымсыз мийнетлери, дөретиўшилик шеберлиги нәзерден шетте қалмай, Н.Мухаммеддиновқа Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери ҳүрметли атақлары берилип, «Ҳамза», Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықлардың лау­реаты болды. Сондай-ақ, ол «Меҳнат шуҳрати», «Эл-юрт ҳурмати» орденлери менен сыйлықланды.

— Мен дөретиўши болып, усындай инсан менен заманлас болғанымнан қуўанышлыман. Оның арияларын, намаларын, балетлерин жасларға үйретип, кейинги әўладларға жеткерип атырғанымнан қуўанышлыман, -дейди Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының профессоры, Өзбекстан композиторлар аўқамының ағзасы, дирижёр Ҳ.Раджапов. — Филиалымызда устаз-шәкирт дәстүрин даўам еттирген ҳалда композитордың шығармаларын жасларымызға үйретиў бағдарындағы дөретиўшилик жумыслар даўам еттирилмекте. Биз дөретиўшилер Н.Мухаммеддиновтан алдағы ўақытлары да жаңалықларды, жақсы намаларды күтип қаламыз.

Илаж даўамында Н.Мухаммеддиновтың шығармаларынан ибарат Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының халық сазлары ҳәм симфониялық оркестри тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF