Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:58:44, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАШКЕНТ ЎӘЛАЯТЫ ДЕЛЕГАЦИЯСЫНЫҢ МОЙНАҚ РАЙОНЫНА САПАРЫ

Президентимиздиң усы жылдың 23-24-февраль күнлери республикамызға сапары даўамында берилген тапсырмалары тийкарында Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги Мойнақ районына бириктирилген еди.

Усы жыл 26-ноябрь күни Ташкент ўәлаятының ҳәкими З.Мирзаевтың басшылығындағы делегация республикамызға келди. Нөкис халықаралық аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орын­баев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев күтип алды. Делегация ағзалары биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар менен жақыннан танысыў мақсетинде Мойнақ районында болды.

Атап өтилгениндей, Ташкент ўәлаяты менен Мойнақ районы ҳәкимликлери биргеликте 77 объект бойынша 32 миллиард сумлық қурылыс, оңлаў ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў жумысларын алып барыў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды. Сондай-ақ, халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиниң  қарарлары ҳәм ўәлаят ҳәкиминиң тийисли бийликлери тийкарында жергиликли бюджеттен бул илажлар ушын 16 миллиард 500 миллион сум қаржы ажыратылды.

Атап айтқанда, улыўма билим бериў мектеплеринде 9 миллиард 457 миллион сумлық қаржы есабынан қурылыс, оңлаў ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў жумысларын әмелге асырыў белгиленген болып, 4 миллиард 213 миллион сумлық қаржының өзлестирилиўи есабынан «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 15-санлы мектеп ҳәм «Бозатаў» аўыл пуқаралар жы­йыны «Қаражар» аўылындағы 9-санлы мектептиң филиалында капитал оңлаў жумыслары алып барылды. Райондағы барлық мектеплер спорт инвентарьлары менен тәмийинленди. Ҳәзир «Үшсай» ҳәм «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынындағы улыўма билим бериў мектеплериниң спорт залларының қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Райондағы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны «Қыпшақ­дәрья»  аўылындағы ҳәм «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйынындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде ағымдағы оңлаў жумыслары тамамланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Районлық орайлық медицина бирлеспесине медициналық үскенелерди жеткерип бериў мақсетинде 76,2 миллион сум ажыратылған болып, тез жәрдем бөлиминде қурылыс жумыслары алып барылмақта. Кем тәми­йинленген шаңарақ ағзаларының операциясы ушын 85 мил­лион сумнан зыят қаржы ажыратылды.

Район орайы ҳәм «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйынында китапхана қурылмақта. Райондағы барлық мектепке шекемги шөл­кемлерге суўды фильтрлеў үскенелерин орнатыў, көп квартиралы турақ жайлардың төбесин шифрлаў, ҳәр бир пуқаралар жыйынында футбол майданшаларын қурыў жумыслары алып барылды. «Қазақдәрья» аўыл пуқаралар жыйынында 4,5 километр ҳәм «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйынында 3 километр ишки жолларда ағымдағы оңлаўжумыслары алып барылды. Ра­йон орайында «Жаслар бағы» шөл­кемлестирилип, оған аймақтың климат шараятына сай, шор­ға ҳәм ыссыға шыдамлы сая­манлы терек нәллери жеткерип берилди.

Ўәлаяттың исбилерменлери тәрепинен 2022-2023-жыллар даўамында  393,9 миллиард сумлық 23 жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде  983 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген.  Соннан бүгинги күнге оннан аслам жойбар иске түсирилди.

Атап айтқанда, басламашылардың қаржысы есабынан 25 гектар жер майданында дийқаншылық етиў жойбары, «Агробанк» тәрепинен ажыратылған 2 миллиардтан зыят қаржы есабынан автотранспортларға хызмет көрсетиў  ҳәм логистика хызмети жойбары усылардан есапланады.

Балықшылықты жолға қойыў мақсетинде «Өзбекбалықсанааты» бирлеспеси арқалы 1058 гектар жер майданына ийе жасалма көл ажыратылды. Ҳәзир 2 миллиард сум кредит қаржысы есабынан зәрүр үскенелер менен тәмийинленбекте. Және бир интенсив балық жетистириў жойбары ушын «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ески имарат исбилермен тәрепинен сатып алынды. Бул жойбар ушын «Ипотека банк» тәрепинен 2,5  миллиард сум кредит ажыратылды. Аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў, 30 гектар майданда «Нетхаус» жазғы ыссыхана шөлкемлестириў, сондай-ақ, түйешилик ҳәм ешкишиликти жолға қойыў жойбарларыбойынша жумыслар ақырына жеткерилмекте.

Райондағы кем тәмийинленген шаңарақларға музлатқыш, телевизорлар, газ плиталары саўға етилип, бир қатар шаңарақларға қуяш панеллери орнатып берилди.

Сапар даўамында мийманлар район орайындағы бир қатар объектлерде, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны «Қыпшақ­дәрья» аўылындағы ҳәм «Тик өзек» аўыл пуқаралар жыйынындағы тигиў цехы, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң, «Шағырлы» аўылындағы спорт майданшасының ашылыў салтанатларында, «Қазақдәрья» аўылындағы пуқаралар жыйыны, улыўма билим бериў мектеплериниң пайдаланыўға тапсырылған имаратларында болды. Кем тәмийинленген шаңарақларға, улыўма билим бериў мектебине, жас спортшыларға ўәлаят ҳәкимлиги тәрепинен саўғалар тапсырылды. Спорт жарысларының жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.

Район орайындағы Мәденият сарайында республикамыздың ҳәм Ташкент ўәлаяты көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилип, илаж қатнасыўшылары аўыл хожалығы ҳәм қол өнери өнимлериниң көргизбеси менен танысты.

Мойнақ районы халқының турмыс шараятларын жақсылаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, биргеликте әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарларды ўақтында иске түсириў бойынша пикир алысыўлар болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF