Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:43:56, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕРКИН ГҮРЕС: ӨЗБЕКСТАН ЧЕМПИОНЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде еркин гүрес ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша Өзбекстан чемпионатының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.

Жарыстың соңғы күни еркин гүрес бойынша ерлер арасында он салмақ категориясында жеңимпазлар анықланды. Атап айтқанда, өз салмақ категорияларында Ташкент қаласындағы Олимпия резервлери спорт мектебиненF Бабур Исламов, Махсуд Вейсалов, Зафар Атажанов, “уламжан Абдуллаев, Ташкент ўәлаятынан Нодиржан Сапаров, Бухара ўәлаятынан Умиджон Жалалов, Ташкент қаласынан Ильяс Бекполатов, Сардор Холматов, Қарақалпақстан Республикасынан Арысланбек Жумабаев ҳәм Әжинияз Сапарниязовлар биринши орынларды ийелеп, Өзбекстан чемпионлары болды.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF