Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:29:10, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МӘҲӘЛЛЕ КУБОГЫ» ТУРНИРИНИҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

Нөкисте стол тенниси бойынша «Мәҳәлле кубогы» турнириниң Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Президентимиздиң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық мәҳәллелерде жаслар арасында ғалабалық спортты, соның ишинде,  стол теннисин ен жайдырыў, оларды физикалық жақтан саўалландырыў, қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жасларды турақлы спорт пенен шуғылланыўға тартыў мақсетинде «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Өзбекстан стол тенниси федерациясының Қарақалпақстан бөлими, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте қоспа қарар қабыл етилди.

13-16 жасар қызлар ҳәм ер балалар арасында өткерилген жарыстың жуўмағында Мойнақ районы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны командасы биринши орынды ийелеп, Өзбекстан басқышына жоллама алды.  Нөкис қаласындағы «Туран» мәкан пуқаралар жыйының командасы екинши, Нөкис районындағы «Ақмаңғыт» посёлкалық пуқаралар жыйыны ҳәм Қанлыкөл ра­йонындағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынының командалары үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқан командалар ағзаларына «Мәҳәлле» қа­йырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF