Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:10:58, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ ҚОС ЖУЛДЫЗЫНЫҢ ДӨРЕТИЎШИЛИГИНЕ ҲҮРМЕТ КӨРСЕТИЛДИ

Усы жыл 23-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында белгили шайыр, жазыўшы, драматург, мәмлекетлик ғайраткер Әмет Шамуратовтың туўылғанының 110, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Айым­хан Шамуратованың туўылғанының 105 жыллығына бағышланған «Қарақалпақтың қос жулдызы» атамасында еслеў кешеси болып өтти.

Илаж қатнасыўшыларына белгили талант ийелериниң өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған ҳүжжетли фильм қойып берилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды белгили талант ийелериниң юбилейлери менен қутлықлап, шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди.

Әмет Шамуратов ҳәм Айымхан Шамуратова ҳаққында сөз болғанда, пүткил өмирин дөретиўшиликке бағышлаған, миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримиздиң раўажланыўына бар күш- жигерин жумсаған уллы инсанлар, елимиздиң пидайы перзентлери көз алдымызға келеди.

1912-жылы Кегейли районында туўылған Әмет Шамуратов мийнет жолын муғаллимшиликтен баслады. Ол 1938-жылдан баслап дөретиўшилик майданында таныла баслады. Өзиниң излениўшеңлиги ҳәм қәбилети нәтийжесинде республикалық масштабта басшы лаўазымларда жумыс алып барды.

Ол қай жерде, қайсы лаўазымда ислемесин өзиниң бар билимин ҳәм тәжирийбесин елимиздиң илими, мәденияты, көркем өнери, билимлендириўиниң раўажланыўына жумсады. Оның қәлеминен дөреген шығармаларында Ўатанға муҳаббат, туўылған елге садықлық пенен хызмет етиўдей туйғылар жәмленген болып,  халқымыздың бийбаҳа ғәзийнесине айланды. Жазыўшының «Мениң жолбарыслар менен ушырасыўларым» повести қарақалпақ әдебиятында жаңалық болды. Оның «Саўға», «Ўатан ҳаққында қосық», «Сүйемен» атлы шығармалары китап болып басылып шығып, туўысқан халықларға да кеңнен танылды. Драматург сыпатында «Қырқ қыз», «Арал қызлары» пъесалары театрларда сахналастырылды. Көп қырлы дөретиўши сыпатында туўысқан халықлардың белгили дөретиўшилериниң шығармаларын ана тилимизге аўдарды.

Өзиниң йошлы қосықлары, өлмес образлары менен халқымыздың кеўлинен терең орын ийелеген, 60 жылдан аслам дөретиўшилик майданда мийнет еткен Айымхан Шамуратованың аты ҳүрмет пенен тилге алынады. 1917-жылы Қоңырат районы аймағында туўылған ол ең биринши рет 1932-жылы Төрткүлге оқыўға барып, сол жерде ҳәўескерлик дөгерегине қатнасады. Жағымлы ҳаўазы, тәбият инам еткен илаҳий таланты менен көзге түскен дөретиўши театр сахнасында «Бул ким», «Теңин тапқан қыз», «Гүлсара», «Қырққыз» «Алпамыс», «Ғәрип ашық», «Рәўшан» сыяқлы спектакльлерде бас қаҳарманның роллерин атқарды ҳәм халқымыздың алғысына миясар болды.  Сүйикли қосықшы Түркменстан, Қазақстан, Тәжикстан, Әзербайжанда өткерилген мәденият күнлеринде, Орта Азия республикаларының көркем өнер фестивальларында мүнәсип қатнасып, бай мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди туўысқан халықларға таныстырды. Оның мийнетлери ылайықлы баҳаланып, Қарақалпақстан халық артисти, Өзбекстан халық артисти, бурынғы аўқам халық артисти ҳүрметли атақлары, «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықланды.

Бир неше жыллардан берли Айым­хан Шамуратованың естелигине бағышланған жас атқарыўшылардың таңлаўы өткерилип келинбекте. Сондай-ақ, Әмет ҳәм Айымхан Шамуратовалардың үй музейи шөлкемлестирилип, «Айымхан лапызы» ансамбли шөлкемлестирилди. Оларға қызы Айым­гүл Шамуратова басшылық етип келмекте.

Илажда халқымыздың қос жулдызының дөретиўшилигин қәстерлеп сақлап, оны кең жәмийетшиликке, соның ишинде, жасларымызға жеткериўдеги мийнетлери ушын Айымгүл Шамуратоваға «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси тапсырылды.

Кешеде белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF