Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:26:08, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСПА БАСЫЛЫМЛАР ТРАНСФОРМАЦИЯСЫ:

НЕЛЕРГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ БОЛЫП ҚАЛМАҚТА?

Баспасөз, әсиресе, газеташылық барлық жәмийетлерде мәлимлемеден тысқары мәденият ҳәм көркем өнер, ҳүкимран идеоло­гиялар, қәдириятлар үгит-нәсиятшысы сыпатында ат шығарғанына бир әсирден әдеўир асты.

Ҳәтте, ҳәзир ХХI әсирде де буны биреў айрықша яки илимий жақтан бийкарлап атырған жоқ. Дүньяда «New York Times», «Figaro» сыяқлы миллионлап нусқада шығатуғын газеталар бар болып, булар бүгинги күнлеримиздиң «тербелиўи»не де сезилерли тәсир өткерип атырғанын ҳәммемиз жүдә жақсы билемиз. Бирақ, тилекке қарсы, бизде бүгин газеташылық бир тараў сыпатында «сыныў» алдына келди. Бул қалай жүз берди?

Ҳәзир сондай заман болды, шар тәрепти «академик»лер ийеледи. Күтилмегенде тап биреў атайлап егип шыққандай... Олардың көпшилиги социаллық тармақларды турмыс ҳақыйқатлығын сәўлелендириўши баслы дерек деп биледи ҳәм оған ғана табынады. Наразылық нәпеси лаўлап турған болса да, бул пикирдиң ҳақыйқатқа дөнгенине бираз болған. Ең жаман тәрепи, олар ҳәмме нәрсеге өзлери тийисли «ықлым» көзқарасынан жантасады. «Биз барлық ҳақыйқатлықлардың түбине жеткенбиз, басқа билетуғын илим дүньяда жоқ» демекши болады. Мысал ушын, жақында мәмлекет тәлиминде «реформа» өткериў талабы менен шыққан досларымызды алайық. Олар «мәжбүрий жазылыў» деген атамадан сондай «убыжық» жасады, жазылыў, газета оқыў деген ағартыўшылық шынығыўдың мазмуны гүнә ҳәм сәл-кем «жынаят»қа айланып қалды, гөя. Байрақ шынтлап бәлент көтерилди. Себеби, тилек аўыр еди... Мениң нәзеримде, бул да бир «проект» болды. Бул жойбардан мақсет — интернетке күш бериў, адамларды көбирек мәлимлеме технология­лары арқалы бәнт етиў ҳәм жуўмағында жаңа мәлимлеме мәканында үлкенирек ҳәм нобайы­рақ түсимлерге ийе шығыў еди. Ҳәм ақырында, бул әмелге асты да. Хош, не өзгерди, жәмийет не утты? Не утқаны ашық сораў. Қолдан берилген нәрсе сол — жәмийет бүгин мәрийпат алыўда вариантсыз қалмақта. Аўа, ашық тән алыў керек, бүгин артықмашлық интернет тармақларының қолына өтти. Сөгиўлер, масқаралаўлар, алды-қашты, қойды-шықты ҳаққындағы мыш-мышларға толы интернеттеги миллий сигментимиз бүгин бас «тәрбияшы»ға айланды. Мәрийпаттан көре көбирек мәдениятсызлық, шын жүрекликтен көре көбирек жарамаслық қайнап атырған бул «қазан» бизге ертең және нелерди берер екен еле?!

Бираз ўақыттан бери мектеп сабақлықлары ҳаққында айтылмақта. Ҳақыйқатында, усы бағдарда аўҳалымыз енди толығы менен аян болды. Адам сондай ойға барады, буған сол баяғы «проект»лердиң де тәсири үлкен болған болыўы итималдан узақ емес. Себеби, ағартыўшылық орайы болған мектепке газета бармай қалғаны, ол жерлер де социаллық тармақлар тәрепинен «ийеленгенине» бираз болған.

Мектеплерде китап ҳәм сабақлықлардың орнына не қалды?

Әдетте, үлкен ислер кең шеңберлерде қабыл етилетуғын қарарларға тийкарланады. Бизде болса көбинесе буның кериси болады. Әсиресе, билимлендириў тараўында. Бир үлкен хызметкер (ҳәзир бурынғы) халық билимлендириўи тараўына жаңа концепция усынды. Анығырағы, усынғандай көринди. Оған көре, балаларға совет дәўиринен қал­ған ядлатыў принципиниң орнына бағдарлаўшы ўазыйпа қойыў ­жойбары, яғный, оқытыўшы оқыўшыларды бағдарлайды, балалар болса керекли билимди интернеттен алады, деген көзқарас алға қойылды. Бирақ, бул оғада асығыс пикир еди, шынында. Себеби, төмендеги әпиўайы ғана сораўға жуўап еле жоқ еди: хош, оқыўшы, айтайық, ана тили, әдебияттан, география яки тарийх пәнинен билимди интернеттиң қайсы дерегинен алыўы мүмкин? Сол дерек еле ҳақыйқый түрде бар ма? Ақыры, жаратылмаған-ғой еле! Итибар бериң, өзбек оқыўшысының билимин арт­тырыўы ушын фундаментал билим көнликпелери еле интернеттиң өзбек сигментинде пүткиллей жеткиликли емес.

Хош, өзи, улыўма, педагогиканың тәртип-қағыйдаларын билмеген бул нәрсе пүткил бир мәмлекет ҳәм миллет келешеги ушын тәсир ететуғын әҳмийетли тараў бойынша усындай қарар қабыл етиўи қаншелли дурыс еди? Бул ҳуқықты оған ким берген? Тилекке қарсы, ҳеш ким! Демек, тараўдың заманагөй басшысы билип-билмей шынында өз тараўының раўажланыўы жолында мектеп оқыўшыларының көп жыллық өмирин зая кетириўге қарар берген болып шықпақта. Мен гәпти узақтан айландырып атырман. Бир нәрсени түсиниў керек, жәмийет қояншылық яки таўықшылық тәжирийбе ханасы емес, онда түрли экспериментлерди уялмай, ҳеш қандай талқысыз, тийкарсыз әмелге асырыўға кирисилсе. Популизм үшинши мың жыллығымыздың саўлатлы ҳәм мақтанышлы эпидемиясы екени бар гәп. Бирақ, билимлилик пүткил бир жәмийеттиң жуўапкершилигин аўыр етиў есабынан болыўы керек емес, мениңше. Интернетке керегинен артық роль бериў, оны мифлестириўге зор бериў, бул бағдарда әтираптағы барлық факторларды ысырып таслаў есесине баспа басылымлар да зыян көрди. Мине, бизге тийисли бол­ған жери!

Енди тиккелей газеталарға қайтамыз

«Мәжбүрий жазылыў» ҳаққында жүдә көп айтылды. Бул орында биз анықлық киргизип алатуғын бир қанша тәреплери бар. Мәселен, «мәжбүрий жазылыў» дегени газеталарды мәж­бүрлеп оқытыў болатуғын болса, жеке мен айырым басылымларды ҳәтте, мәж­бүрий оқытыў сиясатына еки қоллап қосылған болар едим. Мәселен, «Тафаккур», «Жаҳон адабиёти», «Шарқ юлдузи», «Саодат», «Фан ва турмуш» сыяқлы журналларды тек халық билимлендириўи, жоқары билимлендириўдеги тил ҳәм әдебият бағдарындағы ҳәр бир муғаллим яки педагог емес, ал, өзин зиялы санаған әскер, инженер, шыпакер, математик, техник, улыўма, ҳәмме оқыўы мәжбүрий болыўы лазым. Неге дегенде, орта билимлендириўдиң өзи мәжбүрий — бул, бириншиден. Екиншиден, миллеттиң интеллектин жазба әдебиятлар қәлиплестиретуғынын илим-пән әллеқашан дәлиллеген. Ҳәм бул стратегиялық мәселе болып қала бериўи шәрт! Мәселеге усы жағынан жантасатуғын болсақ, және бир «Маърифат» газетасының өзин халық билимлендириўи системасындағы ҳәр бир мектепке кеминде 5-10 данадан мәжбүрий жеткериўдиң жолға қойылыўы шәрт, деп ойлайман. Неге? Себеби, буның орнын баса алатуғын альтернатив баспасөз басылым ҳәзир жоқ! Интернет, социаллық тармақтың ўазыйпасы, жолы басқа! Лайк жыйнап, «абырай» арттырыў мүмкин шығар, бирақ, билимди алып та, тарқатып та болмайды. Саўатты арттырыўға хызмет етпейди бәрибир, бул. Енди баспа басылымлардың екинши аўырыўлы ноқатына өтейик. «Ishonch» газетасы усы жылдың өткен тоғыз айы даўамында онлап сын мақалалар жәриялады. Қаржы министрлигине, Экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў минис­трлигине, Орайлық банкке ҳәм басқа үлкен ведомстволарға көпшиликти қызықтырып, қыйнап киятырған, базыда жүдә логикасыз көринген мәселелер бойынша көплеп сораўлар жоллады. Бирақ, нәтийже не болды? Онлап сын материалларға бир де жүйели жуўап ала алмай атырмыз. Гейде үлкен-үлкен минис­трликлер, абырайлы хызметкерлер «facebook»да шыққан тышқанның қулағындай мүрәжатқа да итибар береди. Орайлық басылымларда шыққан бет-бет маш­қалалы мақалаларды оқып та көрмейди. Бул неден дерек береди? Бул системаларымызда теңсалмақлылықтың жоғалғанынан, анығырағы, мәселелер шәлкем-шалыстырып тасланғанынан дерек береди. Мине, қараң, базы бир үлкен хызметкерлеримиз, мәселен, дүньяның бир мүйешинде отырып, өсек тарқатып атыр­ған кимсениң жалған хабары менен есапласады, лекин, мәмлекет шөлкем­лестириўинде болған өз газетасындағы пикирге итибар да бермейди. Буны қалай түсиниў мүмкин? Бир заманлары Ташкент қаласы ҳәкимлигинде мәлимлеме хызметиниң баслығы болып ислегенмен, дурыс, ол пайыт­ларда сын көп емес еди, бирақ, сораў жеткиликли еди. Базыда басшының қабыл еткен қарарларына логикалы жуўап бериўге қыйналар едик, бирақ, табар едик, сол логикалы жуўап бериў шарасын. Себеби, пайтахт ҳәкимлигинде логикасызлық болыўы уят есапланар еди, биз ушын. Хош, ҳәзир-ше? Айтың, мине сабақлық­лардан да стратегиялырақ болған және қандай мәселе бар! Бул пикирлерди ойлап, сондай жуўмаққа келемен, саат тиллерин туўрылап алатуғын ўақыт әллеқашан келген. Егер министрлик ҳәм ҳәкимликлер, мәмлекетлик ҳәм жәмәәтлик ведомстволар өз тараўына тийисли жумыс­ларға, баспасөздиң мүнәсибетине қулақ салмас екен, баспасөздиң роли, оның жасап қалыўы ҳаққында айтыўымыз бизиңше, артықша. Екинши және бир аўырыўлы мәселе: бүгин баспа басылымлар квалификациялы қәнигелерди сақлап қала алмай атыр. Өткен еки жыл ишинде «Ishonch» газетасы үш-төрт нәўқырон, қәлеми өткирлесип, таяр болған кадрды «узатты». Қай жерге дең? Мәлимлеме хызметлерине. Биреўи Әндижан ўәлая­ты судының мәлимлеме хызметине 10 миллион сумнан көбирек айлық ис ҳақы есесине өтип кетти — Түсиниң, «Ishonch» бәлким, ең көп айлық беретуғын редакция емес шығар, бирақ, редакциялар арасында ең көп айлық беретуғын үшликтен төменде емес. Мен қалғанлардың аўҳалын көз алдыма келтирип атырман.

Хош, бул жағдайдан жәмийет утып атыр ма! Әлбетте, жоқ. Бүгин мәлимлеме хызметлеринде журналистикадан бийхабар демеймен-дә, бирақ, еки қатар текст жазыўды дурысырақ еплей алмайтуғын кәсиплеслеримиз жетерли, бәлким, мәлимлеме хызмети деген «проект»ти растан да журналистикадан жырақ етип қайта көрип шығармыз! Ол шынында тараўды күшсизлендириўге хызмет етип атыр-ғой...

Ең тийкарғы мәселе — бул ҒХҚна болған мүнәсибет өзгериўи кереклиги. Бүгин баспасөзде шығып атырған жүдә көплеп темалар басшыларымызға, ҳақыйқатын айтқанда, таяр «шпаргалка». Жуўапкерлер күшли кадрлардан қорқыўды тоқтатып, заман менен теңдей пикирлеўге өтиўи керек. Буның ушын болса, сәл баспасөзге де қулақ салыў лазым. Базыда тараў қәнигелери журналистлердиң тараўды олардан жақсырақ түсиниўине дус келип атырғанына гүўа болып атырмыз. Бундайда мәмлекет, тараў қалай раўажланыўы мүмкин!

Мен бул гәплерди жәмийет баспасөзден ўаз кешиўге асықпаўы кереклигин билдириў нийетинде айтып атырман. Жақында Түркия ҳәм Россия Федерациясында хызмет сапарында болдым. Көпшилик асханаларда газеталар тақлап қойыл­ған. Тийкарынан бийпул тарқатылып атыр. Газеталарды бетлеймен. Бир қарағанда олардың я дизайны, яки мазмунында бизди «қайыл» қалдыратуғын кәрамат жоқтай. Бирақ, әҳмийетлиси, мәмлекет ҳәм жәмийет бул басылымларды бийпул тарқатып атыр. Себеби, мәмлекет оның өзи жүргизип атыр­ған сиясатқа хызмет етип атырғанын аңламақта. Айтыў ҳәм тән алыў керек, бул жүдә әҳмийетли мәселе. Трансформация болса басқышпа-басқыш, өз-ара аўызбиршиликте әмелге асыўы мүмкин. Оны ҳаўлығып, асығыслық пенен қолланып болмайды. Жоқарыдағы сөзлер — жеке пикирлерим, әлбетте.

Ҳусан ЭРМАТОВ,

«Ishonch» ҳәм «Ishonch-Доверие» газеталарының Бас редакторы.

Дерек: «Hurriyat» газетасының 2022-жыл, 2-ноябрь саны.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF