Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:21:58, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ

Нөкис гарнизоны Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы мәжилислер залында «Ўатанға хызмет етиў жоқары қәдирият» сүрени астында «Үш әўлад» ушырасыўы болып өтти.   

 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 28-майдағы «Кекселерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды және де жеделлестириўдиң қоспа илажлары ҳаққында»ғы қарары менен ноябрь айы «Кекселер ушын туризм айлығы» етип белгиленген еди. Усы айлық шеңберинде ҳәм қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар жуўапкер уйымлар менен биргеликте илажлар өткерилмекте. 

Қорғаныў министрлиги нураныйлары, резервтеги полковник, майор ҳәм сержантлар, министрлик жанындағы жәмийетшилик кеңеси қәнигелери, Нөкис қаласы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшы-жаслары, Арқа-батыс әскерий округиниң әскерий бөлими хызметкерлери қатнасқан илажда Өзбекстан Республикасы Нураный фондының бөлим баслығы Мажид Умаров, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары Турсынбай Абдижаббаров ҳәм басқалар елимизди қорғаў, шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәми­йинлеў ҳәр бир жигит ушын мақтаныш екенин атап өтти. Олар елимизде тынышлықты тәмийинлеўге ҳәм ҳәр қыйлы бузғыншы ҳәрекетлерге қарсы гүреслерге пикир-усынысларын билдирди.

— Ушырасыўда қатнас­қан ҳәр бир нураный аталарымыздың  басып өткен өмир жолы жаслар ушын ҳақыйқый қаҳарманлық мектеби болып хызмет етеди, деп исенемен, -дейди Қорғаныў министрлиги жанындағы жәмийетшилик кеңеси қәнигеси Г.Палўанова.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF