Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:28:10, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НАРГИЗА АВТОМОБИЛЬ МЕНЕН СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Дүньяда кәсиплер көп. Ҳәр бир кәсиптиң өзине тән машақаты ҳәм қыйыншылығы бар. Бундай қыйыншылықларды жеңиўде пидайы мийнет етип киятыр­ған кәсип ийелериниң жәмийетимиздиң алға илгерилеўи жолындағы қосқан үлеси ҳәм машақатлы мийнетлери баҳасыз.

Жақында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен өткерилген ҳаял-қызлар маш­қалаларын системалы ше­шиў, оларды жәмийетлик қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық көлемдеги таңлаўы болып өткен еди. Онда «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», Ең жақсы сектор баслығы»,  «Ең үлгили ис бериўши ҳаял», «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси», «Ең жақсы жаслар жетекшиси», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, олар арасында Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы «Қызылқала» аўыл пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар белсендиси Наргиза Нурымбетова «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» номинациясы жеңимпазына айланып, Президент саўғасы «Жентра» автомобили менен сыйлықланды.

— Жәмийетимиз тиреги, шаңарағымыз уйтқысы бол­ған ҳаял-қызлардың жәми­йеттеги тутқан орны ҳәм үлеси айрықша. Өзин-өзи бәнт етип жәмийетке пайдамды тийгиземен, шаңарағыма өз үлесимди қосаман деген ҳаял-қызларымызға ҳеш қандай тосқынлықлар жоқ. Олар ушын барлық есиклер ашық. Мен бул тараўға араласқаныма да бес жылдан асты. Бүгинги күнде аймағымдағы жасап атырған ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиўге, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға,  жәмийеттеги ролин ҳәм белсендилигин арттырыўға, сондай-ақ, мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған имканиятлардан пайдаланыўында өз үлесимди қосып, сол аз ғана мийнетлеримниң бүгин жоқары баҳаланғанлығынан жүдә қуўанышлыман. Бул сыйлық тек мениң емес, жерлеслеримниң де жеңиси деп билемен. Билдирилген исеним жуўапкершилик жүклеп, алдағы ўақытта да ана-Ўатанымыз раўажланыўы жолында еле де жеделирек ислеўге маған күш-жигер бағышламақта, - дейди Наргиза Нурымбетова.

 Мәмлекеттиң тийкарғы буўыны — шаңарақ. Олардың тыныш-татыўлығы ҳәм беккемлиги жәмийет раўажланыўында оғада әҳмийетли.  Район орайына 42 шақырым узақлықта жайласқан «Қы­зылқала» аўыл пуқаралар жыйыны аўыр аймақ дизимине киргизилген болып, бул жерде 4485 мыңнан аслам халық тыныш-татыў жасап келмекте. Халықтың тийкарғы бөлеги дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен күн кеширеди. Сондай-ақ, халық арасында исбилерменлик пенен шуғылланыўшылар да бар. Атап айтқанда, олар арасында көпшилик ҳаял-қызлар кийиз ҳәм палас тоқыў  менен шуғылланып, соның есабынан шаңарақларына дәрамат киргизбекте.

— Бүгинги күнде аймағымыздағы исбилерменлик искерлигин баслайжақ болған 22 ҳаял-қызларға жеңиллетилген кредитлер алып берилди. Сондай-ақ, 33 ҳаял-қызларға 3-auksion cаўда платформасы арқалы 10 жыл ижара шәртнамасы тийкарында жер ажыратылыўында әмелий жәрдемлер көрсетилди, - дейди Наргиза Нурымбетова.

Буннан басқа да аймақтағы социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақларға ҳәр тәреплеме жәрдемлер берилмекте.

Президентимиз атап өткениндей, «Ҳәзирги абадан турмысымыз да, айдын келешегимиз де ҳаял-қыз­ларға байланыслы. Егер, хал­қымыз бизден разы болыўын қәлесек, бәринен бурын, әзиз аналарымыз, апа-қарындасларымыз ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўымыз керек. Ана разы болса, шаңарақ разы болса жәмийет разы болады» деген еди.

Ҳақыйқатында да, жәмийетте ерлер менен теңдей бир сапта мийнет етип атырған ҳаял-қызларымыз қәдирленген журттың келешеги айдын болары сөзсиз.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Н.Нурымбетова.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF