Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:33:11, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЙГИЛИКЛИ ИСЛЕР ДАЎАМ ЕТТИРИЛМЕКТЕ

Бүгинги күнде барлық шөлкемлерде, мәкеме ҳәм кәрханаларда елимизди абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мақсетиндеги кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бул ийгиликли илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң хызметкерлери де белсене қатнаспақта. «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары тийкарында өткерилип атыр­ған «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы шеңберинде Нөкистеги «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында минис­трликтиң хызметкерлери, районлық (қалалық) мектепке шекемги билимлендириў бөлимлериниң баслықлары, шөлкемлердиң директорлары ҳәр қыйлы мийўе ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызды.

— Бүгин министрлигимиздиң ўәкиллери тәрепинен усы мәҳәлледе бағ жаратылып, оған 200 роза гүли, 300 түп саяманлы терек ҳәм 1 мың 600 түп мийўе нәллери егилди, -дейди   Мектепке шекемги билимлендириў министри Г.Бахиева. — Бундай илажларды өткериўден мақсет — елимизде әмелге асырылып атыр­ған көклемзарластырыў жумысларына жәрдемлесиў, хал­қымызға тән ийгиликли пазыйлетлерди көтермелеў, оларды жаслардың қәлбине сиңдириў, елимизди буннан да көркем көриниске келтириўден ибарат...

«Әҳмийетли 40 күнлик» ак­циясы шеңберинде көклемзарластырыў илажлары республикамыздың барлық аймақларында даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF